Россия илимпазлары Сибирь дәрьяларынан Өзбекстанға суў жеткерип бериў бойынша жаңа жойбарды көрип шықпақта

    15 қараша 2025 678

    Россия Илимлер академиясы Сибирь Об дәрьясы суўының бир бөлегин Орайлық Азия мәмлекетлерине, соның ишинде, Өзбекстанға жибериў жойбарын әмелге асырыў имканиятын үйрениўге кириседи.

    Бул Орайлық Азияның қурғақшыл аймақларына суў жеткерип бериў ушын ашық каналлар қурыўды нәзерде тутатуғын 1970-жыллардағы Сибирь дәрьяларын "бурыў" совет жойбарының заманагөй варианты болып есапланады. Бул ҳаққында "РБК" хабарына тийкарланып Forbes хабар берди.

    Жаңа жойбар суў тармағының жабық системасын жаратыўды нәзерде тутады, қәнигелердиң пикиринше, бул суў шығынларын азайтыў ҳәм қоршаған орталыққа жүкти азайтыў имканиятын береди.

    Академик Роберт Нигматулин Орайлық Азияда суў ҳәм электр энергиясы жетиспеўшилиги күшейип баратырғанына итибар қаратты. Оның сөзлерине бола, суў ресурсларының жетиспеўшилиги әллеқашан шөллениўге, өнимдарлықтың азайыўына ҳәм социаллық-экономикалық қәўип-қәтерлердиң артыўына алып келмекте.

    "Об ағысының бир бөлегинен пайдаланыў - жылына 20 куб километрден 70 куб километрге шекем, улыўма көлеми болса дерлик 3 мың куб километр - жағдайды бираз жумсартыўы ҳәм соның менен бирге Арктиканың ыссылық жүгин азайтыўы мүмкин", - деп атап өтти илимпаз.

    Изертлеўшилердиң пикиринше, бундай жойбарлардың әмелге асырылыўы Россияда да, Орайлық Азия мәмлекетлеринде де суў балансын оптималластырыўы мүмкин.

    Об ағысының бир бөлегин Өзбекстан-Қазақстан шегарасындағы Аралбойына өткериў, Печора ҳәм Арқа Двина суўларын Волга ҳәм Азов бойы бассейнине ағызыў перспективалы идеялар қатарына киреди. Ашық каналлар орнына полимер қубырлардан ибарат жабық системадан пайдаланыў усыныс етилмекте.

    Усыныс етилген концепцияға бола, қубыр ўәлаятқа жылына дерлик 5,5 миллиард куб метр суў жеткерип бериў имканиятына ийе болады, зәрүр жағдайларда оның өткериў қуўатлылығын арттырыў мүмкин болады.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates