Руанда Өзбекстан менен дипломатиялық қатнасықлар орнатқан 167-мәмлекет болды, деп хабар берди Бахтиёр Саидов өзиниң Telegram-бетинде.

Ушырасыў шеңберинде Өзбекстан ҳәм Руанда арасында сиясий мәсләҳәтлесиўлер механизмин жаратыў бойынша өз-ара түсинисиў меморандумына қол қойылды.

Бул қәдем Өзбекстанның Африка континенти мәмлекетлери менен бирге ислесиўин және де кеңейтиў, сиясий сөйлесиўди беккемлеў ҳәм өз-ара пайдалы еки тәреплеме қатнасықларды раўажландырыўда айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилди.