Қарарға бола, 2026-жыл 1-январьдан социаллық салық түсимлери төмендегише бөлистириледи:

бюджет шөлкемлери бойынша:

Бюджеттен тысқары Пенсия қорына - 98,0 процент;

Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў қорына - 1,2 процент;

Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қоры ҳәм Кәмбағаллықты қысқартыў мәмлекетлик мақсетли қорына - 0,4 процент;

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Кеңесине - 0,4 процент;

басқа төлеўшилер бойынша:

бюджеттен тысқары Пенсия қорына - 95,9 процент;

Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў қорына - 2,5 процент;

Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қоры ҳәм Кәмбағаллықты қысқартыў мәмлекетлик мақсетли қорына - 0,8 процент;

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Кеңесине - 0,8 процент.

2026-жыл 1-январьдан төмендеги суммалар 2025-жылы есапланған салық суммасының 1,3 есесинен артпаўы керек:

турақ жай фондының көшпес мүлк объектлери, соның ишинде, ғалабалық баҳалаўдан өткен объектлер ушын 2018-жылы белгиленген кадастр баҳасы тийкарында есапланған физикалық шахслардың мүлк салығы суммасы;

турақ жай фондының көшпес мүлк объектлери жайласқан жер участкаларында физикалық шахслардан алынатуғын аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлер ушын жер салығы суммасы.