2026-жыл 14-сентябрьге шекем әмелдеги 60 күнлик визасыз тәртип сақланып
қалынады.
2026-жыл 15-сентябрьден баслап визасыз кириў бийкар етиледи, сондай-ақ,
келгенде виза алыў (Visa on
Arrival) имканияты сапластырылады.
Таиландқа саяхат етиў ушын Өзбекстан пуқаралары алдын-ала виза алыўы
керек болады.
“Uzbekistan
Airways” авиакомпаниясының хабар
бериўинше, “HY531” рейсиниң
жолаўшыларына айрықша итибар қаратыў керек: Ташкенттен ушыў 14-сентябрьге
режелестирилген, бирақ Бангкокқа жетип барыў 15-сентябрьге белгиленген. Усы
мүнәсибет пенен бул рейс жолаўшылары жаңа виза талапларына ийе болмақта.
Виза алыў ушын
арзаны алдыннан, соның ишинде, рәсмий “Thai e-Visa” системасы арқалы тапсырыў
мүмкин. Бунда консуллық жыйымын сайт арқалы онлайн төлеў нәзерде тутылмаған. Төлем
Тайланд Патшалығының жақын консуллығында АҚШ долларында әмелге асырылады.
Жолаўшыларға
саяхатларды режелестириў ҳәм авиабилетлерди сатып алыўда өзгерислерди есапқа
алыў, усы арқалы рейс ушын дизимнен өтиў ямаса мәмлекетке кириўди бийкар
етиўдиң алдын алыў усыныс етиледи.