Улыўма қағыйдаға бола, ҳаўа транспортында тасыў шәртнамасы авиабилетте белгиленген избе-изликте, биринши жөнеп кетиў пунктинен баслап орынланыўы керек.
2026-жыл январь айынан ишки рейслерде тасыў жөнелисинен өтиў тәртибин бузған жолаўшылар ушын төмендеги шәртлер әмел етеди:
егер жолаўшы ушыўдың биринши ямаса алдынғы участкасынан пайдаланбаған болса, жөнелистиң кейинги сегментлерине бронлаў бийкар етилмейди ҳәм ол ушыўды қалған жөнелис бойынша даўам еттириўи мүмкин;
парўаздың пайдаланылмаған участкаларының баҳасы, қолланылған тарифтен бийғәрез, қайтарылмайды; қайтарыў тек пайдаланылмаған сегментлер ушын аеэропорт жыйымларының бир бөлегинде мүмкин;
маршрут участкалары пайдаланылмаған билетлер қайта рәсмийлестириўге қабыл етилмейди.
Халықаралық рейслер ушын стандарт қағыйдалар әмел етиўде даўам етеди:
жолаўшы жөнелистиң биринши ямаса алдынғы участкасына келмеген жағдайда кейинги барлық сегментлерге бронлаў қосымша хабарнама жибермей өз-өзинен бийкар етиледи;
онда жолаўшы билетти қайтарыў ямаса қайта рәсмийлестириўди билет сатып алынған тариф қағыйдаларына муўапық ықтыярлы қайтарыў ямаса алмастырыў шәртлеринде рәсмийлестириўге ҳақылы.
Жаңа қағыйдалар 2026-жыл январь айынан күшке киреди ҳәм тек ғана республика ишиндеги рейслерге қолланылады.