«Uzbekistan Airways» студентлер ҳәм оқыўшылар ушын авиабилетлерге шегирмелер жәриялады

    19 желтоқсан 2025 208

    Қысқы дем алыс алдынан «Uzbekistan Airways» авиакомпаниясы тәрепинен орта арнаўлы, профессионал ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлери ҳәм оқыўшылары ушын арнаўлы акция басланады. Акция шеңберинде барлық жергиликли авиақатнаўларға 50 процент шегирме бериледи.

    Шегирме әмел етиў дәўири: 2025-жыл 26-декабрьден 2026-жыл 11-январьға шекем.

    Студент ҳәм оқыўшылар билетлерди төмендеги усылларда шегирме менен сатып алыўы мүмкин:

    Ташкент қаласындағы «Uzbekistan Airways Sales» филиалында;

    Компанияның Өзбекстан аймағындағы рәсмий агентлеринде;

    booking.uzairways.com сайтында.

    Шегирме алыў ушын мәмлекетлик билимлендириў мәкемесинде оқығанлығын тастыйықлайтуғын ҳүжжетти усыныў керек.

    Толық мағлыўмат uzairways.com рәсмий сайты

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates