Президенттиң 27.03.2025-жылдағы "Энергия нәтийжелилигин арттырыў ҳәм энергия сервис компанияларының хызметлер базарын раўажландырыў тараўында мәмлекетлик басқарыўды жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы ПП-63-санлы Пәрманына муўапық, Турақ жайларды энергетикалық аудиттен өткериў, энергия нәтийжели қурылмаларды сатып алыў ҳәм орнатыў ушын субсидиялар бериў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.
Мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў ҳәм мәмлекет пенен пуқаралар арасындағы қатнасықларды (G2C) санластырыўды кеңейтиў мақсетинде 2025-жыл ноябрьден баслап Энергетика нәтийжелилиги миллий агентлигиниң санлы платформасы арқалы пуқараларға энергияны үнемлейтуғын технологиялар ҳәм қайта тикленетуғын энергия дәреклерин сатып алыў ушын субсидия ажыратыў системасы енгизиледи.
Энергия үнемлеўши имаратлар ҳәм үскенелер "жасыл реновация" ҳәм "жасыл" тутыныў кредитлери ҳәм (ямаса) халықтың өз қаржылары есабынан сатып алынғанында олардың қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў ушын субсидиялар төмендеги муғдарларда бериледи:
Турақ жай имаратларын энергетикалық тексериўден өткериў қәрежетлериниң 100 проценти;
Турақ жай имаратларында қуяш панеллери, қуяш коллекторлары ҳәм басқа да турмыслық ысытыў қазанларын сатып алыў ҳәм орнатыў қәрежетлериниң 20 проценти;
Турақ жай имаратларына ыссылық насосларын сатып алыў ҳәм орнатыў қәрежетлериниң 40 проценти, бул бағдарда ажыратылатуғын субсидия муғдары БЕМниң 50 есесинен артпаўы керек.
Субсидия ҳәм кредитлер Агентликтиң бирден-бир реестрине киргизилген энергия аудиторларының тийисли жуўмағы тийкарында ажыратылады.
Сондай-ақ, қарар менен төмендеги тәртиплер ҳаққындағы режелер тастыйықланды:
энергия аудиторларын аттестациядан өткериў;
қайта тиклениўши энергетика қурылмаларын ҳәм басқа да энергия нәтийжели үскенелерди энергия нәтийжелилигин арттырыўдың санлы платформасында сатыў, шәртнамалар дүзиў, жеткерип бериў ҳәм орнатыў;
өз мүтәжликлери ушын қуяш панеллерин сатып алыў ҳәм орнатыў ҳәм басқалар ушын тоқымашылық санааты кәрханаларына коммерциялық банклер тәрепинен берилген кредитлер бойынша процент төлемлериниң бир бөлегин қаплаў;
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 27.10.2025-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».









