Америка ҳәкимшилиги ўәкиллери Өзбекстанда Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында кейинги сегиз жылда әмелге асырылып атырған реформалардың жеделлиги ҳәм кең көлемлилигин атап өтти.
Ушырасыўда тәреплер саўда-экономикалық тараўдағы имканиятларды кеңейтиўге айрықша итибар қаратып, жәмийетлик қәўипсизлик тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери бойынша пикир алысты.
"Бундай ушырасыўлар тәреплердиң потенциалын және де жақсы түсиниў ҳәм ашыў имканиятын береди. Себеби, ашық-айдынлық сиясаты себепли мәмлекетимиз билимлендириў, мәденият, экономика ҳәм көплеген басқа да тараўларда биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў ушын барған сайын тартымлы болып бармақта", - деп атап өтти Саида Мирзиёева.