Атап өтилгениндей, Өзбекстан Орайлық Азияда биринши болып шаңарақлық зорлыққа қарсы гүресиў ҳаққында нызам қабыл етти, сондай-ақ, балаларға байланыслы жынысый жынаятлар ушын жуўапкершиликти күшейтти. Соның менен бирге, көрилип атырған илажлар жетерли емеслиги атап өтилди.
«Тоқтап қалыўымыз керек емес. Ҳәр бир зорлық жағдайына оператив жуўап бериў бойынша нәтийжели система жаратыў зәрүр. Көбинесе ҳақыйқый көринис жасырын болып қалады: биз статистика, жаза, унамсыз баҳалардан қорқамыз ҳәм сынларды қабыл етиўге таяр емесбиз. Бирақ инсан тәғдири ҳәр қандай көрсеткишлерден әдеўир әҳмийетли", - деп атап өтти Саида Мирзиёева.
Ол барлық жуўапкер басшыларды тийисли жуўмақ шығарыўға шақырып, зорлықтың барлық көринислерине қарсы аяўсыз гүресиў, ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықлары менен мәплерин нәтийжели қорғаў сөзде емес, ал әмелде болыўы керек екенлигин атап өтти.











