Президент Администрациясында болып өткен ушырасыўда наркожынаятшылық, жынайый топарлар ҳәм нызамсыз қурал-жарақ айланысына қарсы гүресиў бойынша муўапықластырылған ҳәм нәтийжели системаны қысқа мүддетте қәлиплестириў ўазыйпасы қойылды.

"Жәмийетте, әсиресе, жаслар арасында нәшебентлик затлардың тарқалыўына жол қоймаў, өсип киятырған жас әўладты «нәшебентли оба»дан қорғаў, пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў - мәмлекеттиң тиккелей миннети. Бул бағдарда нызамға қайшы ҳәрекетлерге ҳәр қандай урыныўлар қатаң ҳәм сөзсиз тоқтатылыўы керек", - деп атап өтти Саида Мирзиёева.