"Мен шайыққа Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң қызғын сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткердим.
Өзбекстан менен Египет арасындағы руўхый, илимий-ағартыўшылық тараўлардағы бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери бойынша пикир алыстық. Ағартыўшылық ислам идеяларын үгит-нәсиятлаў ҳәм жасларды радикалласыўдан қорғаўда тығыз бирге ислесиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Қоспа бағдарламалар, академиялық алмасыўлар ҳәм қолжазбаларды изертлеўди кеңейтиўден мәпдарлық билдирилди", деп жазған Саида Мирзиёева.