Усы мәнисте, балаларды саламат аўқатландырыў системасын жолға қойыў Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң әҳмийетли мәселелеринен болып қалады.

Бақшаларда балаларды саламат аўқатландырыў ҳәм оларға берилип атырған азық-аўқат өнимлериниң сапасын тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Сол себепли, дәстүрий усылдан шегинип пайтахттағы Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде аутсорсинг системасы эксперимент тәризинде жолға қойылды.

Аутсорсинг қандай система?

Аутсорсинг инглисше “outsourcing” сөзинен алынған болып, қандай да бир шөлкем яки кәрхана өз хызметиндеги айырым жумыс, хызмет яки ўазыйпаларды ғәрезсиз сыртқы шөлкемге (яғный басқа тараў шөлкемине) тапсырыўын аңлатады. Буннан гөзленген тийкарғы мақсет болса хызмет сапасын арттырыў, қәрежетлерди азайтыў, тийкарғы жумысқа итибар қаратыў, жумыс нәтийжелилигин арттырыўдан ибарат. Бул усылда мәмлекетлик сатып алыў тәртип-қағыйдаларының жуўмақлары бойынша жеңимпаз деп табылған аутсорсинг хызметин көрсетиўши исбилерменлик субъектлери тәрепинен аўқатлар таярланады. Усы хызметке кириўди қәлеген шөлкемлер ушын дәслеп таңлаў (тендер) жәрияланып, бақша ямаса тийисли район ҳәкимлиги ямаса мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи басқармасы тәрепинен таңлап алынып, жеңимпаз болған шөлкем менен шәртнама дүзиледи. Шәртнамаға бола, исбилермен сапа талапларына ҳәм санитариялық-гигиеналық нормаларға жуўап беретуғын азық-аўқат өнимлери және таяр аўқатларды жеткерип береди. Дәстүрий усылда болса район (қала) лық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимлери орайласқан бухгалтерия тәрепинен тиккелей шәртнамалар дүзип, тәмийнатшылар тәрепинен азық-аўқат өнимлерин мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине жеткерип береди.

Ҳәзирги ўақытта пайтахтымыздың 4 районындағы (Миробод, Бектемир, Янгиҳаёт, Яккасарай) 92 МШБШға аутсорсинг хызметин көрсетип киятырған "Абдували ота" ЖШЖ жуўапкер хызметкери Нилуфар Мақсудова менен сәўбетлесиў ўақтында аутсорсинг системасының абзаллығын тереңирек аңладық. Себеби, ноллик баҳада ижараға алынатуғын МШБШ асханасындағы процесс исбилерменлер тәрепинен алып барыла береди, бақша хызметкерлери болса тәлим-тәрбия процеси менен шуғылланады. МШБШ берген тағамнама бойынша аўқат таярланады. Алдынғы усылда 3-4 хызметкер асханада быған-жыған болып, жүдә көп ўақыт жоғалтылатуғын еди. Және бир әҳмийетли тәрепи, жаңа усылда аўқат артып та, жетпей де қалмайды. Ҳәр күнлик қатнаслық мийирбийке тәрепинен тәмийинленеди. Азық-аўқат муғдары келген бала санына қарап алып барылады. Соның менен бирге аўқаттың бир бала ушын белгиленген күнлик нормасына әлбетте әмел етиледи.

Аўқат сапасы, қәўипсизлиги, улыўма, аўқатландырыўдың барлық нормаларға муўапық келиўине аутсорсинг хызмет көрсетиўши жуўапкер болады. Алып келинип атырған азық-аўқат өнимлери комиссия ағзалары тәрепинен көрип шығылады. Яғный өнимлердиң сапасын кепиллеўши ҳүжжетлер (сертификат, маркировка) бар екенлиги, шәртнамада белгиленген баҳасы ҳәм сыпатламасына муўапықлығы үйрениледи. Ҳүжжетке бола, қабыл етилген азық-аўқат өнимлери санитариялық қағыйдалар, нормалар ҳәм гигиеналық нормативлерге муўапық ҳалда сақланады ҳәм жумсалады. Улыўма алғанда, мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде балаларды аўқатландырыўдың бул усылы жақсы нәтийже бермекте. Ҳәттеки айырым жеке меншик МШБШлер де аутсорсинг системасына өткени буның әмелдеги дәлийли деп айтыў мүмкин. Соның ушын да аутсорсинг арқалы аўқатланыў системасы жаңа басқышқа алып шығылады. Бунда сыртқы имканиятлардан кең пайдаланылады. Себеби, аутсорсинг усылы балалардың саламат ҳәм бәркамал өсиўин тәмийинлеўде әҳмийетли фактор болады.

Ҳақыйқатында да, Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 6-январьдағы "Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде саламат аўқатландырыў тәртибин жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы қарары менен "Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде аутсорсинг усылында саламат аўқатландырыўды шөлкемлестириў тәртиби ҳаққында"ғы реже тастыйықланған. Қарарда мәмлекетлик бақшалар тәрбияланыўшыларының саламат, қәўипсиз ҳәм сапалы аўқатланыўын тәмийинлеў мақсетинде 2025-жыл 1-июльға шекем "Бирден-бир мәўсимлик тағамнама" енгизилиўи белгилеп қойылған.

"Бирден-бир мәўсимлик тағамнама"ның абзаллығы неде?

Соған бола, бүгин мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде саламат аўқатландырыў "Бирден-бир мәўсимлик тағамнама" тийкарында әмелге асырылмақта. Балалардың азықлық затлар ҳәм зәрүр энергия дереклери, белоклар, майлар, углеводлар, витаминлер ҳәм минерал затларға мүтәжликлери, тийкарғы азық-аўқат өнимлери, олардың сапасы, сапасыз жағдайда қандай болыўы, улыўма тағамнама дүзиўге қойылатуғын барлық талапларды өз ишине алған "Ақлвой - аспаз" балалар тағамлары рецептлери китабы усы тағамнаманы жаратыў ушын әҳмийетли қолланба болды.

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң Саламат аўқатланыўды шөлкемлестириў ҳәм медициналық хызмет көрсетиўди муўапықластырыў бөлиминиң бас қәнигеси Азиз Алиевтиң атап өтиўинше, "Бирден-бир мәўсимлик тағамнама" Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы комитети менен биргеликте мәўсимлер кесиминде ислеп шығылған. Оның абзаллығы (бәҳәр, жаз, гүз, қыс мәўсимлери ушын) мәмлекетлик МШБШда тәрбияланыўшыларды санитариялық қағыйдалар, нормалар ҳәм гигиеналық нормативлерге муўапық таяр аўқатлардың салмағы, баҳасы, қурамындағы өнимлер муғдарлары, технологиялық карталарды өз ишине алған.

Сондай-ақ, бул алыс ҳәм шетки аймақлардағы район ҳәм қалалар орайында жайласқан мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң тәрбияланыўшылары ушын да аўқатлардың бир қыйлы таярланыўына хызмет етеди. Онда мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде "Бирден-бир мәўсимлик тағамнама" тийкарында азық-аўқат қәрежетлериниң есабы (натура түринде) “Bolalar bog`chasi” мәлимлеме системасында жаратылған модуллер арқалы жүргизилетуғынын айрықша атап өтиў керек. Соның менен бирге, бул есабат электрон ҳүкиметтиң уйымлараралық мағлыўматлар узатыў тармағы арқалы Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң мәлимлеме системасына автомат түрде жибериледи. Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги және Экономика ҳәм қаржы министрлиги тәрепинен "Бирден-бир мәўсимлик тағамнама" тийкарында аймақлар кесиминде азық-аўқат өнимлериниң орташа базар баҳаларынан келип шығып, қаржы жылы даўамында бир тәрбияланыўшыға бир күнлик саламат аўқатланыўдың бирден-бир баҳасы тастыйықланады.

Мийирбийке - қорғаўшы

Жоқарыда айтқанымыздай, мәмлекетимиздеги 6 798 мәмлекетлик мектепке шекемги шөлкемлерде аутсорсинг тийкарында саламат аўқатланыўды енгизиў мақсетинде мәмлекетлик сатып алыўлар электрон системасы арқалы Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде басқышпа-басқыш аутсорсинг усылында саламат аўқатланыў шөлкемлестирилмекте.

Балаларды саламат аўқатландырыў процесинде МШБШ мийирбийкеси тийкарғы орын тутады. Себеби, тағамнамалардың санитариялық қағыйдалар, нормалар ҳәм гигиеналық нормативлерге тийкарланып дүзилиўи, асхана ҳәм қоймахананың санитариялық қағыйдаларға әмел еткен ҳалда жумыс алып барыўын мийирбийке қадағалайды. Сондай-ақ, азық-аўқат өнимлериниң сапасын, оларды сақлаўда тийисли қағыйдаларға әмел етиў, азық-аўқат өнимлериниң белгиленген нормалар тийкарында пайдаланылыўы да оның жуўапкершилигинде.

МШБШ мийирбийкеси, сондай-ақ, аутсорсер тәрепинен санитариялық қағыйдалар ҳәм нормалардың орынланыў жағдайын бақлап барыў ҳәм күнлик сынақлар алыўға да жуўапкер. Оның рухсатысыз сырттан келген, арнаўлы кийимсиз ҳәм медициналық тексериўден өтпеген шахслардың мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң асханасына кириўи мүмкин емес.

Унамсыз жағдайлардың алды қалай алынады?

Социаллық тармақларда бақша тәрбияланыўшыларының түрли кеўилсизликлерге, соның ишинде, аўқатланыў менен байланыслы қәўипли жағдайларға дус келип атырғанын гейде еситип, оқып қаламыз. Аўқатландырыў менен байланыслы жүзеге келетуғын унамсыз жағдайларды сапластырыў ушын қандай илажлар көрилип атырғаны бойынша жуўапкерлерге мүрәжат еттик. Жуўапкерлердиң мағлыўматына бола, Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 6-январьдағы "Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде саламат аўқатланыў тәртибин жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы қарары менен Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги жанында Билимлендириў тараўында аўқатланыўды шөлкемлестириў ҳәм қадағалаў орайы шөлкемлестириледи.

Аутсорсерлер тәрепинен мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ушын инвестиция киргизиў миннетлемеси енгизилди. Республика бойлап мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде аутсорсинг тийкарында саламат аўқатланыўды басқышпа-басқыш енгизиў мақсетинде мәмлекетлик сатып алыўлар электрон система арқалы әмелге асырылмақта.

Аутсорсинг усылында саламат аўқатландырыў шөлкемлестирилип атырған мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде усы хызмет бойынша усыныс ҳәм шағымлар жәмийетшилик қадағалаўы ҳәм де ата-аналар тәрепинен Орайдың “QR-Feedback” мәлимлеме системасы арқалы киргизилип барылыўы ҳәм министрлик тәрепинен қадағаланыўы белгиленген.

Саламат аўқатландырыўды шөлкемлестириў процесслери мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде жумыс алып барып атырған сондай-ақ, ата-аналар ҳәм басқа да жәмийетшилик ўәкиллеринен ибарат Бақлаў кеңеслериниң ағзалары тәрепинен турақлы түрде бақлап барылады.

Мектепке шекемги билимлендириў системасындағы өзгерислер, халқымыз тән алып атырған жетискенликлер өзимиздики. Бирақ саламат әўлад, саламат келешек ушын еле көп жумысларды әмелге асырыўымыз керек. Бул бағдарда қанша бас қатырсақ, изленсек ҳәм мийнет етсек арзыйды. Тек ғана саламат әўлад ғана уллы келешекти қурыўға уқыплы болады.

Муножат МУМИНОВА,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы