Самарқанд 2028-жылы биринши мәрте Халықаралық астронавтика федерациясы конгрессине басшылық етеди

    3 қазан 2025 1043

    Сиднейде (Австралия) болып өтип атырған Халықаралық астронавтика конгрессинде (IAC) әҳмийетли қарар қабыл етилди: 2028-жылы конгресс Самарқандта өткериледи. Бул ўақыя тек ғана Өзбекстанның емес, ал пүткил Орайлық Азия регионының космос тараўын раўажландырыўда жаңа басқыш болады.

    Өзбекстан Санлы технологиялар министрлиги делегациясы Сидней қаласында мәмлекетимиздиң космослық технологиялар тараўындағы жетискенликлери ҳәм келешектеги режелери ҳаққындағы баянатларды өз ишине алған кең көлемли бағдарламаны усынды. Конгресс шеңберинде Европа, Азия ҳәм Американың космослық агентликлери менен стратегиялық ушырасыўлар өткерилди. Космослық мониторинг, аўыл хожалығы ҳәм экология тараўларында санлы шешимлерди қолланыў бойынша перспективалы жойбарлар додаланды.

    Халықаралық астронавтика федерациясы басшылары Өзбекстанның илимий потенциалы, жаслардың космос тараўына қызығыўшылығы ҳәм инфраструктураны раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды жоқары баҳалап, IAC -2028ди Самарқандта өткериў басламасын қоллап-қуўатлады.

    Болажақ илаж илимий-техникалық бирге ислесиў ушын күшли түртки болыўы ҳәм сезилерли экономикалық нәтийже бериўи күтилмекте. Солай етип, Сиднейде болып өтип атырған конгресс мәмлекет экономикасына 42 миллион Австралия доллары (шама менен 27 миллион АҚШ доллары) муғдарындағы қаржының кирип келиўин тәмийинледи.

    Самарқандта IAC тың өткерилиўи 10 мыңнан аслам сырт елли қатнасыўшыларды тартады, туризм, хызмет көрсетиў, исбилерменлик ҳәм халықаралық көргизбелерди раўажландырыў ушын жаңа имканиятлар жаратады.

    No date selected
    November 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates