Төмендегилер Самарқанд ўәлаятын 2030-жылға шекем раўажландырыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери етип белгиленди, соның ишинде:

жалпы аймақлық өним көлемин 165 триллион сумға жеткериў;

санаат ҳәм хызметлер тараўында жәми 6,8 миллиард АҚШ доллары эквивалентиндеги жойбарларды әмелге асырыў;

санаат, хызметлер ҳәм туризм экспорты көлемин 3,5 миллиард АҚШ долларына жеткериў.

Қарарға бола, Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлигиниң шөлкемлестириўинде мәмлекет ҳәм исбилерменлер арасында көпир ўазыйпасын атқарыўшы "Самарқанд Инвест компаниясы" АЖ шөлкемлестириледи.

Компанияның айрықша бағдарлар бойынша жойбарлаў офислерин шөлкемлестириў ҳәм оларды қаржыландырыў мәселелери оның шөлкемлестириўшиси тәрепинен белгиленеди.