Онда Сенат ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслериниң турақлы комиссияларының баслықлары, экспертлер, тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың жуўапкерлери және ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Мәжилисте "Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 244-статьясына өзгерис киргизиў ҳаққында"ғы Нызам додаланды.
Бизге белгили, дүньяда бақланып атырған турақсызлық, ғалабалық тәртипсизликлер ҳәм кескинликлер бир қатар мәмлекетлердиң тынышлығына зыян жеткерип, халықлардың өз-ара дослығы ҳәм тынышлығына унамсыз тәсир етип атырғанын есапқа алып, додаланған Нызам менен республикамызда ғалабалық тәртипсизликлерди ислеў мақсетинде оқыўдан өткенлик, ғалабалық тәртипсизликлерди қаржыландырғаны ушын жынайый жуўапкершилик белгиленбекте.
Нызамның қабыл етилиўи ғалабалық тәртипсизликлер менен байланыслы айырым ҳәрекетлер ушын жуўапкершилик шараларының күшейтилиўин, усы түрдеги жынаятлардың профилактикасының механизми жетилистирилиўин тәмийинлейди.
Буннан тысқары, Комитет мәжилисинде "Өзбекстан Республикасының Жынаят-орынлаў кодексине жазаны орынлаў мәкемелеринде жазаны өтеп атырған судланғанлар ушын аралықтан видео-сөйлесиўлер өткериў имканиятын жаратыўға қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы Нызам да көрип шығылды.
Нызам менен системада заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў арқалы қамақтағылардың ҳуқықларын буннан былай да кеңейтиў, бул арқалы жынаят-орынлаў нызамшылығын халықаралық нормаларға муўапықластырыў мақсет етилгенлиги, Нызам қамақтағылардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўға, олардың жақын туўысқанлары менен аралықтан турып видеобайланыслар өткериў ушын имканият жаратыўға хызмет ететуғыны айтылды.
Соның менен бирге, Комитет мәжилисинде Самарқанд ўәлаятының Самарқанд қаласы, Самарқанд ҳәм Ақдәрья районларының шегараларын өзгертиў ҳаққындағы мәселе де додаланды.
Атап өтилгениндей, Министрлер Кабинетиниң усынысына тийкарланып Самарқанд районынан 170 гектар ҳәм Ақдәрья районынан 243 гектар жер майданы Самарқанд қаласының қурамына өткерилиўи нәзерде тутылмақта.
Мәжилисте қарар жойбары тийисли мәҳәлле пуқаралар жыйынлары, халық депутатлары Самарқанд қаласы, Самарқанд ҳәм Ақдәрья районлары ҳәм ўәлаятлық Кеңеслеринде додаланып, шегаралардың картографиялық сызылмасы ҳәм шегара сызығының классификациясы мақулланғаны атап өтилди.
Сондай-ақ, қарар жойбарында аймақтың шегараларын өзгертиў ҳәм онда белгиленген ўазыйпаларды системалы әмелге асырыў мақсетинде Ҳүкиметке комплексли илажларды әмелге асырыў ўазыйпасы жүкленбекте.
Атап өтилгениндей, бул район ҳәм қала шегараларының өзгериўи менен "Ширин" заманагөй исбилерменлик орайы шөлкемлестирилип, бул аймақта 254 көп қабатлы турақ жайлар, 19 исбилерменлик ҳәм бизнес орайлары, 50 социаллық тараў объектлери, 89 кеўилашар ҳәм саўда комплекслери және тарийхый қалаша қурылыўы нәзерде тутылмақта.
Бул өзгерислер Самарқанд ўәлаяты халқы ушын мүнәсип жасаў шараятын жаратыў, Самарқандтың архитектуралық көринисин және де жақсылаў ҳәм абаданластырыўға, сырт елли ҳәм жергиликли инвесторлар ушын тартымлылығын арттырыўға, сондай-ақ, қаланың туризм потенциалынан нәтийжели пайдаланыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.
Додалаў жуўмағында Комитеттиң тийисли қарарлары қабыл етилди, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.