Бүгин, 23-апрель күни Самарқанд қаласында Өзбекстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы делегациялары арасында рәсмий сөйлесиўлер басланды. Ушырасыў еки мәмлекет сыртқы ислер министрлери - Бахтиёр Саидов ҳәм Сергей Лавров басшылығында өткерилмекте.
Өзбекстан Сыртқы ислер министрлигиниң баспасөз хаткери Аҳрор Бурхонов өзиниң Телеграм-каналында хабар бериўинше, сөйлесиўлер дослық ҳәм конструктивлик руўхта өтпекте. Тәреплер Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы сиясий, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективаларын додаламақта.
Сөйлесиў даўамында стратегиялық шерикликти буннан былай да беккемлеў, биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў ҳәм бир қатар тараўларда бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта.