Уллы Британияның «SandStone Productions Ltd» компаниясы тәрепинен Өзбекстанның бай мәдений ҳәм тарийхый мийрасын дүнья жәмийетшилигине танытыў мақсетинде "Өзбекстан ғәзийнелери" атамасындағы ҳүжжетли фильм ислеп шығылмақта.
Бул фильм “National Geographic” телеканалы арқалы эфирге берилиўи режелестирилген.
Белгили тарийхшы ҳәм телебаслаўшы Беттани Хюз басшылығындағы дөретиўшилик топар сүўретке алыў жумысларын Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ҳәм Бухара ўәлаятларында баслап, ҳәзирги ўақытта Самарқанд қаласында даўам еттирмекте.
Дөретиўшилик топар ўәлаятымыздың жоқары туризм потенциалы, бийтәкирар тарийхый естеликлери, миллий дәстүрлери ҳәм мәдений мийрас объектлерин экран арқалы көрсетиўди мақсет еткен.
- Самарқанд бай тарийхқа ийе қала, - дейди Беттани Хюз. - Атап айтқанда, Регистан майданы, Шоҳи Зинда комплекси, Әмир Темур мақбарасы сыяқлы орынлар тек ғана Өзбекстан емес, ал пүткил инсаният мийрасының әҳмийетли бөлеги болып есапланады.








