Елимиздиң даңқын жайыўда заманагөй дөретиўшилик жумыслар, туристлик мәнзиллерди көбейтиў сыяқлы тәреплер бар, бүгинги күнде бул бағдар жаңа раўажланыў басқышына өтпекте.
Туризм хызмет көрсетиў тараўын хошаметлейди ҳәм сол арқалы аэропортлар, вокзаллар, улыўма транспорт системасы, мийманханалар, хостеллер, шаңарақлық мийман үйлери, сондай-ақ, улыўма аўқатланыў, саўда, өнерментшилик, мәденият ҳәм көркем өнер тараўларының раўажланыўының тийкарғы факторларынан бири болып есапланады. Сол себепли мәмлекетимизде туризмди жаңа басқышқа көтериўге айрықша итибар қаратылмақта.
Президентимиздиң 2023-жыл 11-сентябрьдеги "Өзбекстан - 2030" стратегиясы ҳаққында"ғы пәрманында елимизде сыртқы ҳәм ишки туризмди раўажландырыў ушын кең шараятлар жаратыў арқалы туристлердиң санын арттырыў, аймақларда хызметлер тараўын жедел раўажландырыў бойынша анық мақсетлер белгилеп берилген.
Өткен ҳәпте, яғный 7-февраль күни Президентимиздиң басшылығында өткен гезектеги видеоселектор мәжилиси аймақларда хызмет көрсетиў тараўларын раўажландырыў мәселелерине бағышланды. Онда көтерилген мәселелер, келтирилген санлар, белгиленген ўазыйпалар ерксиз түрде мәмлекетимиз басшысының жәмийетлик турмыстың денеси экономика болса, оның жаны ҳәм руўхы мәнаўият екени, биз жаңа Өзбекстанды қурыў жолында базар принциплерине тийкарланған күшли экономика ҳәм ата-бабаларымыздың бай мийрасы ҳәм миллий қәдириятларға тийкарланған күшли мәнаўияттың мине усы еки беккем сүйенишине сүйениўимиз зәрүр екенлиги ҳаққындағы пикирлерин санамызда және бир мәрте жанландырды.
Биз нәзерде тутып атырған мәжилисте онлаған темалар қатарында тилге алынған төмендеги мәселениң мазмунына итибар бериң-дә. Атап өтилиўинше, Шаҳрисабзда Ақсарай, Хийўада Ийшан қала, Бухарада Лаби ҳәўиз, Ташкентте "Жаңа Өзбекстан" майданлары болса да, оларда концерт, көргизбе, форумлар өткериў бойынша режелестирилмеген. Егер өзимиздеги туристлик орайларда халықаралық дәрежедеги көркем өнер шеберлериниң концертлери шөлкемлестирилсе, мийманхана, ресторан, кафе, саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлери туристлер менен толы болады. Усы мүнәсибет пенен жуўапкерлерге кеминде 1 миллион туристти алып келетуғын концерт, бизнес форум ҳәм көргизбелер өткериў бағдарламасын ислеп шығыў тапсырылды.
Көз алдыңызға келтириң, егер бул тапсырма толық орынланса, санлар есесине артып кетиўи ҳеш гәп емес. Себеби, мәмлекетимиздиң бай тарийхы, мәдений мийрасы, аймақлардың инфраструктурасы ҳәр бир ўәлаят, қала, районларда үлкен ҳәм ири әнжуманлар өткериў имканиятын береди. Әсиресе, усы ўақытқа шекем Самарқанд, Ташкент, Ферғана ўәлаятлары, Қарақалпақстанның бир қатар район ҳәм қалалары басшылық етип атырған ашық аспан астындағы фестиваллар, концертлер, бизнес форумлардың көлеми ҳәм абырайын арттырыў ушын барлық шараятлар бар.
***
Өткен әсирдиң 80-90-жыллары итальян эстрадасының шыңы, жулдызлы дәўири сыпатында тарийхқа кирген. Сан-Ремо қаласында ҳәр жылы мәмлекет эстрада жулдызларының қатнасыўында усы атамада халықаралық музыка фестивалы өткерилетуғын еди. Онда тийкарынан жергиликли қосықшы ҳәм композиторлар қатнасар, сырт елли қосықшылар арасында болса жүрек тартып сахнаға шығаман, дегенлери санаўлы еди. Бирақ дүньяның дерлик барлық мәмлекетинен музыка ықласбентлери Италияға жетип келетуғын, мисли көрилмеген қымбат баҳада билет сатып алып, фестивалды тиккелей концерт залында тамашалайтуғын еди. Сахнадағы шығыўлар процеси ҳәм жеңимпазларды сыйлықлаў мәресими телевидение арқалы көрсетилди, миллионлаған тамашагөйлер экран алдына шегелеп қойылды.
Әйне жас өспиримлик пайытымызда биз бес-он класлас гә бизиң үйде, гә басқа достымның үйинде жыйналып, Сан-Ремо фестивалының ықласбентлери болатуғын едик. Ақыры магнитофон ленталары, грампластинкаларда биз қосықларын күн бойы тыңлайтуғын қосықшылар сахнада жанлы қосық айтар, айтқанда да дүнья музыка ықласбентлерине заўық бағышлап атқаратуғын еди-ғо. Балалық ҳәм ер жеткенлик жасының ой-пикирлери менен досларым менен ўақт ы келип сол дүньяны ашық етип атырған концертке барыў, телеэкран арқалы емес, тиккелей алдынғы қатарларда отырып тамаша етиў әрманы менен шийрин сәўбетлер қурар едик. Бир ўақытлары үлкейип, жетерли қаржы топлап, Италияға барамыз, деп бир-биримизге сөз беретуғын едик.
Кейин ала үлкен классқа өткенимизде ҳәмме өз қызығыўшылығы, өз талантына қарай ҳәр қыйлы бағдарларға аўып кетти. Мен әдебиятқа, көркем дөретиўшиликке меҳир қойдым. Газета, журнал, китаплар менен таныс болдым. Әсиресе, сатира, юмор бағдарындағы шығармаларды сүйип оқыйтуғын едим. Сол ўақытлары "Габрово анекдотлары" оқыўшылар арасында кең тарқалған еди. Баспаларда усы рубрикада сатиралық шығармалар жәрияланар, Габрово анекдотлары китап ҳалында басып шығарылатуғын еди. Қызықсам, Болгарияның "Жәҳән юмор пайтахты" деп аталған Габрово қаласында ҳәр жылы сатира ҳәм юмор фестивалы да өткерилип, онда усы бағдарда дөретиўшилик ететуғын қәлемкешлер қатнасады, күлки әнжуманы ҳәптелеп даўам етеди ҳәм түрли мәмлекетлерден тек ғана дөретиўшилерди емес, ал көркем дөретиўшиликтиң мыңлаған әпиўайы ықласбентлерин де жәмлейди екен. Өзимди бир-еки сатиралық шынығыўлардың авторы сыпатында сезинип, кейин ала әлбетте Габрово күлки әнжуманына қатнасаман, дүньяда бирден-бир сатира ҳәм юмор музейин көремен деген мақсетти кеўлимниң бир шетине түйип қойдым.
Бул енди балалық, өспиримлик елеслер. Ўақыт өтип, мақсетлер, қызығыўшылықлар, шараятлар өзгерип, Сан-Ремо ҳәм Габровоға барыў нийети шегинди. Ал, сонда жоқарыдағы еки жағдайды неге еследим? Тийкарғысы, музыка ямаса сатиралық әнжуманлар емес. Гәп әне усы ҳәм усы сыяқлы илажлар дүньяның ҳәр қыйлы мүйешлеринен мыңлаған мийманларды тартыўында.
Мақаланы таярлаў ўақтында интернет тармағында бир мағлыўматқа дус келдим: 1950-жылдан берли турақлы өткерилип киятырған Сан-Ремо музыка фестивалы Италия қазнасына миллионлап дәрамат келтиреди. Өткен 2024-жылы мәмлекет бул илаждан 60 миллион, рекламалар есабынан болса 42 миллион евро ислеп тапқан. Фестиваль күнлери қалаға келетуғын туристлердиң саны 3 есеге артқан.
Болгария бойынша туристлер ең көп баратуғын аймақ та Габрово екен. Мың-мыңлаған адамлар фестиваль өтетуғын имаратлар, музей, ҳәр қыйлы комик қаҳарманларға қойылған естеликлерди көриўге арнап келеди. Бул дәрамат дегени, бул мәденият ҳәм мәнаўият артынан киятырған материаллық, экономикалық турақлылық дегени.
***
Видеоселектор мәжилисинде Президентимиз жан күйдирип көтерген мәселениң мәнисинде руўхыйлықты экономикаға, экономиканы руўхыйлыққа хызмет етиў мақсети жәмленген. Ҳақыйқатында да, басқа мәмлекетлер, экономикалар ҳәр қыйлы түр ҳәм көзқараслар арқалы еплеп киятырған бул ўазыйпаны сонша имканият ҳәм шараят, бай мәдений мийрас, тәбийий қолайлықларға ийе елимизде де орынлаў ўақты келди.
Айтпақшы, имканият ҳәм шараятлар ҳаққында. Имканият та, шараят та бар, тән алайық, мәмлекетимиз басшысының ҳәрекети менен олардың саны ҳәм салмағы барған сайын артып бармақта. Мәселен, Туризм комитетиниң мағлыўматларына бола, тараўда болып атырған реформалар себепли Жәҳән туризм шөлкеми Өзбекстанды туризм хызметлеринен түсимлер (экспорт) бойынша дүнья бойынша "екинши ең жақсы бағдар" сыпатында көрсетти. Жәҳән экономикалық форумы тәрепинен жәрияланған "Саяхат ҳәм туризмди раўажландырыў индекси" изертлеўине бола, Өзбекстан 2024-жылы "Туризмди раўажландырыў бойынша дүньяның ең белсенди мәмлекети", деп табылды.
Лондон қаласында болып өткен мәресимде елимиз абырайлы “Wanderlust Reader Travel Awards 2024” сыйлығының "Ең жақсы раўажланып атырған бағдар" номинациясында жеңимпаз болды. “Wanderlust” журналы Уллы Британияның 1-санлы саяхат журналы есапланады.
Және видеоселекторға қайтайық. Мәжилис күн тәртиби аймақларда хызмет көрсетиў тараўларын раўажландырыў темасында екен, ол өзинде қандай мәселелерди жәмледи? Үш жыл алдын бул бағдарда үлкен бағдарлама исленген еди ҳәм ол бүгин нәтийжесин бермекте. Сервис тараўында қосымша 1,5 миллион халық турақлы дәраматқа ийе болды. Хызметлер көлеми 2018-жылдағы 19 миллиард доллардан 65 миллиард долларға артты. Әсиресе, мәлимлеме технологиялары, финанслық хызметлер, туризм, авиация, билимлендириў ҳәм медицина тараўларында "үлкен секириў" болды.
Хызмет бағдарында ең үлкен тараў - туризм. Соңғы жыллары 90 нан аслам мәмлекет пенен байланыслар жақсыланғаны нәтийжесинде сырт елли туристлердиң саны дерлик 4 есеге артты. Өткен жылы туризм хызметлериниң экспорты 3,5 миллиард долларды қурады. Бирақ мәмлекетимиздиң потенциалы буннан әдеўир жоқары. Мәселен, Малайзия ҳәм индонезиялы мусылманлар умраға барыўдан алдын уламаларымыздың қәбирин зыярат етиўди қәлейди. Мәжилис даўамында олар ушын "Умра плюс" хызметин жолға қойыў ўазыйпасы ҳәм бул тапсырмаға жуўапкерлер белгиленди.
Социаллық тараўларда да имканиятлар көп екенлиги көрсетип өтилди. Мәселен, өткен жылы "Медициналық хызметлер миймандослығы" бағдарламасы жолға қойылған еди. Бул сырт ел пуқараларын емлеў ҳәм экспортты арттырыў ушын қолайлылық. Кейинги сегиз жылда 125 жаңа жоқары билимлендириў шөлкеми ашылған. Бирақ бул тараўдағы экспорт имканиятларына пүткиллей сәйкес емес. Ямаса бос турған айырым мәденият ҳәм көркем өнер орайларын да жеке меншик секторға бериў мүмкин.
Быйыл хызметлер көлемин 15 процентке арттырып, 82 миллиард долларға, экспортты болса 8,5 миллиард долларға жеткериў, тараўда 2,5 миллион адамды дәраматлы етиў мөлшерленген. Мәжилисте имканиятлар буннан да көп екени атап өтилип, оларды турмысқа енгизиўде аймақ ҳәм тараўларда бир пүтинлик жетиспей атырғаны сыяқлы машқалалар талланып, олардың шешимлери көрсетип өтилди. Сондай-ақ, кейинги жети жылда халықтың дәраматы ҳәм төлеў қәбилети 2 есеге өскени нәтийжесинде хызметлерге талап артып атырғаны атап өтилди.
***
Туризм дегенде тек ғана сырттан келип-кететуғынлар емес, ал өз пуқараларымыздың да мәмлекет бойлап ҳәрекетлениўи түсиниледи. Яғный ишки туризмди раўажландырыў арқалы сырт елли туристлерди көбирек тартыў мүмкин. Усы мақсетте елимизде "Өзбекстан бойлап саяхат ет" бағдарламасы иске қосылған. Оның шеңберинде республика бойлап кәрхана ҳәм шөлкемлерде жумыс алып барып атырған хызметкерлер ҳәм мәҳәллелердеги халықтың саяхатлары жолға қойылған.
Буннан тысқары, Президентимиздиң 2022-жыл 30-апрельдеги "Ишки туризм хызметлерин диверсификациялаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарарының орынланыўы шеңберинде оқыўшы, студент ҳәм жасларды елимиздиң дыққатқа ылайық орынлары, әййемги естеликлер, муқаддес зыярат етиў орынлары менен таныстырыў мақсетинде "Ўатанымның тарийхын үйренемен" ҳәм "Өтмишке саяхат" жойбарларын әмелге асырыўға әмелий қәдем тасланды.
Туристлер ағымының көбейиўи жаратылған шараятқа байланыслы. Бүгин дүнья тәбияты теңсалмақлығындағы турақсызлық эко ҳәм этнотуризмге айрықша итибар қаратыўды талап етпекте. Усы мүнәсибет пенен елимизде этнотуризмди раўажландырыў ҳәм олардан туризм барыў объекти сыпатында пайдаланыў мақсетинде Самарқанд ўәлаятында 9, Ташкент ўәлаятында 3, Бухара ҳәм Ферғана ўәлаятларында болса 1 ден усы туризм түрине қәнигелескен кәрханалардың дизими қәлиплестирилди. Бул объектлерде туристлерди қабыл етиў ушын шараятлар жаратылып, туристлик шөлкемлер менен биргеликте туристлик бағдарламаларға киргизилди.
2024-жылы туризм тараўында жәми 2,8 миллиард долларлық 591 жойбар әмелге асырылып, 19 мың 428 жаңа жумыс орны жаратылды. Туризм потенциалы жоқары болған 20 район ҳәм қала бойынша баҳасы 50 миллион долларлық инвестиция тартыў бойынша жойбар пакетлери және жаңа жойбарлардың мәнзилли дизими қәлиплестирилди.
Март, апрель ҳәм май айларында барлық аймақларда "Ишки туризм ярмаркалары" өткерилди. Илажға ишки туризм бағдарындағы 1700 ге шамалас исбилерменлик субъекти, 18 мыңнан аслам қатнасыўшы келди. Ярмарка шеңберинде ишки саяхатларды шөлкемлестириўге байланыслы 1300 ден аслам шәртнама ҳәм келисимге қол қойылды.
Ишки туризм қамтып алыўы кеңейип барған сайын туристлерге хызмет көрсетиўши шөлкемлерге талап та артып барыўы тәбийий. Мине, усы факторды есапқа алып, туристлерге хызмет көрсетиўши 1866 жаңа туристлик шөлкемниң жумысы жолға қойылды ҳәм олардың саны 3686 ға жеткерилди.
***
Жоқарыдағы майданлар, имаратлар, туристлик орайларда халықаралық дәрежедеги көркем өнер шеберлериниң концертлери, көргизбе, форумлар өткериў, сонда мийманхана, ресторан, кафе, саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлери туристлер менен және де толы болыўы мәселеси де видеоселектор мәжилисинде айрықша тилге алынғанына итибар қаратқан едик. Усы жерде бир әҳмийетли жаңалыққа тоқтап өтпекшимиз. Енди туристлер ушын өзлери барған аймақта түрли театр тамашаларында қатнасыў, музыкалық шоулар шөлкемлестириў, ҳаўа шарында экскурция етиў, барған объектлериниң тарийхы ҳаққында қысқа метражлы фильмлер тамаша етиў ҳәм басқа да жаңа хызмет түрлеринен пайдаланыў имканияты жаратылады.
Сондай-ақ, туристлерге хызмет көрсетиўдиң сапасын арттырыў мақсетинде қосымша 400 жаңа гид-аўдармашы оқытылып, белгиленген тәртипте жумысы жолға қойылатуғыны нәзерде тутылған. Бухара, Қарақалпақстан, Қашқадәрья ҳәм Наманган ўәлаятларында 4 туризм кластери, Ферғана ўәлаятында 1 туризм рекреациялық зонасы, Бостанлық ҳәм Шаҳрисабзда 2 дор жолы пайдаланыўға тапсырылады.
***
Бүгин Өзбекстанда халықаралық "Шарқ тароналари", Бақсышылық көркем өнери, "Ләзги", Жәҳән өнерментшилик, мақам, аския көркем өнери, "Дунё садолари" миллий эстрада көркем өнери, "Бойсун баҳори" фольклор фестиваллары, "Жипек ҳәм приправалар", "Атлас" байрамлары сыяқлы абырайлы әнжуманлар, мәденият күнлери, сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер көргизбелери ҳәм басқа да әҳмийетли илажларды өткериў системалы жолға қойылған. Кейинги жыллары бундай әнжуманлар көбейди. Әсиресе, Самарқандта өтип атырған дәстүрий "Шарқ тароналари", Хийўа мезбанлығындағы "Ләзги" фестиваллары ҳәм бир қатар әнжуманлар дүнья көркем өнер ықласбентлерин бирдей өзине тартып келмекте. Бул қайсыдур мәниде Өзбекстанның дүнья халқын тынышлық-татыўлыққа, туўысқанлық ҳәм аўызбиршиликке шақыратуғын ийгиликли шақырық болып та жаңламақта.
Мақала даўамында өспиримлигимиз Италия ҳәм Болгария сапары әрманы менен өткенин ярым әрман, ярым ҳәўес пенен мысал еткен едик. Исеним менен айтыў мүмкин, жеримиз бүгин өткерип атырған мәденият ҳәм көркем өнер әнжуманлары мазмун-мәниси жағынан Сан-Ремо ҳәм Габрово фестивалларынан артық болса артық, бирақ кем емес. Және исенемиз, дүньяның қайсыдур мәмлекетлеринде бул мәденият ҳәм көркем өнер байрамларына келиў, қатнасыў, тиккелей тамашагөй болыўды әрман ететуғын жас өспиримлер, ҳәўескерлер күн сайын көбейип бармақта.
Нодир МАҲМУДОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы