Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша бир қатар еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойылды

    Сиясат 23 қыркүйек 2025 1147

    АҚШтың жетекши компаниялары, инвестициялық фондлары ҳәм финанс институтларының басшылары менен өткерилген дөгерек сәўбетинен соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм АҚШ Президентиниң арнаўлы ўәкили Сержио Гор қабыллаўында еки тәреплеме келисимлерди алмасыў мәресими болды.

    Атап айтқанда, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў жойбарларын әмелге асырыў бойынша төмендеги ҳүжжетлерге қол қойылған:

    Транспорт министрлиги ҳәм "Boeing" компаниясы арасында транспорт тараўында узақ мүддетли бирге ислесиў ҳаққында келисим;

    "Технопарк" ЖШЖ ҳәм "FLSmidth" компаниясы арасында таў-кән үскенелерин ислеп шығарыў бойынша қоспа кәрхана шөлкемлестириў ҳаққында келисим;

    "Akfa group" ҳәм "Cleveland Clinic" арасында көп тармақлы клиника ҳәм билимлендириў мәкемесин шөлкемлестириў ҳаққында келисим;

    "Centrum Air" авиакомпаниясы ҳәм "Oppenheimer" инвестициялық компаниясы арасында өз-ара шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисим;

    Экономика ҳәм қаржы министрлиги ҳәм "Citigroup" компаниясы арасында бирге ислесиў ҳаққында келисим;

    "Өзбекгидроэнерго" АЖ ҳәм "Cargill Financial Services International" компаниясы арасында финанслық бирге ислесиў ҳаққында келисим;

    "Өзтрансгаз" АЖ ҳәм "Pangea Filtration Technology" компаниясы арасында бирге ислесиў ҳаққында келисим;

    Таў-кән санааты ҳәм геология министрлиги ҳәм "Cove Capital" компаниясы арасында перспективалы майданларда геологиялық-излеў жумысларын алып барыў ҳаққында келисим;

    "Янги Кон" ЖШЖ ҳәм "SLB" компаниясы арасында бирге ислесиў ҳаққында келисим;

    Өзбекстан Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры менен "Biologic International" компаниясы арасында жасалма интеллект ҳәм биотехнологиялар тараўындағы жойбарларды қаржыландырыў ушын қорларды шөлкемлестириў бойынша бирге ислесиў ҳаққында келисим.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates