Сайхунабад тәжирийбеси: Қыйтақ жердиң арқасында раўажланып атырған аймақ үлгиге айланды

    Қыялымда Сырдәрья бир адымлық жол. Ең кеминде еки саатта жетип барсақ керек, деп ойладым фоторепортёр кәсиплесимди күтип отырып.

    Соның ушын, күн бираз жарық түскен ўақытта жолға шықтық. Қалада болса ҳәмийше тығылыс. Саат миллери бизиң гөзлеген ўақтымызды көрсеткенде биз еле мәнзилдиң ярымына ғана жеткен едик. Бирақ, жол узақ көринбеди, себеби билгенимиз тағы да баяғы гәп - Сырдәрья Ташкенттен бир адымлық жер, пайтахтқа ең жақын ўәлаятлардан бири.

    Әне, Сырдәрья деген үлкен жазыў көринди. Ўәлаятқа кирип бардық. Биз жол алған мәнзил - Сайхунабад районына шекем бир неше километрлик аралық қалды. Кетип баратырып елимиздеги ең үлкен дәрьялардан бири - Сырдәрьядан өттик. "Сырдәрьяның суўы бираз толып кеткен, алдын қурып, азайып кетип еди", - деди шеригим қуўанып. Сөзиниң арасына быйыл аймақта дийқаншылық жақсы болыўы ҳәм басқа да пикирлерин де қосып қойды. Не болғанда да, дәрьяларда суўдың толып аққаны жақсы, жерлердиң өнимдарлығы артады, зүрәәт мол болады.

    Ески дәрья ўәлаяттың Сайхунабад районына жақын екенлигинде де мәни бардай. Ақыры, аймақ халқы кейинги бир жылда жер менен тиллесиўдиң ҳәдисин алып, дийқаншылықты исбилерменлик дәрежесине алып шықпақта. Қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў, базарға қолайлы өнимлер жетистириўде алдынға өрлеп, агроисбилерменлер пайда болмақта. Адамлар үлкен ямаса киши қыйтақ жеринен жылына 3-4 мәрте өним алып, турақлы дәрамат дерегин жаратпақта.

    Гәп мәмлекетимиз басшысының басламасы менен өткен жылдың март айында жолға қойылған Сайхунабад тәжирийбеси ҳаққында бармақта. Оның әҳмийети қысқа ўақытта ўатанласларымыздың тилине түсти. Соның менен бирге, бул район халқының социаллық турмыс тәризи бүгин көпшиликке қызық. Биз де Сайхунабад тәжирийбеси қалай енгизилип атырғаны ҳәм оғада аўыр жағдайдағы аймақ қысқа ўақытта жаңа тәжирийбени ғалаба ен жайдыра алғанына қызықтық.

    Мәнзилимиз ҳәм мақсетимиз Сайхунабад районы ҳәкимлигинде бирлести. Бизди күтип алып, күн даўамында жолдас болған Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы Сайхунабад районы бөлиминиң баслығы Тоҳир аға Жавлонов жумысты усы тәжирийбениң жолға қойылыўы ҳаққында айтып бериўден баслады.

    - Кешегидей есимде, 2024-жылдың 14-март күни мәмлекетимиз басшысы ўәлаятымыздың Сайхунабад районына барып, қыйтақ жер ҳәм үй хожалықларындағы имканиятларды толық иске қосыў арқалы халықтың дәраматларын арттырыў бойынша өткерген видеоселектор мәжилисинде биринши мәрте Сайхунабад тәжирийбеси ҳаққында айтты, - дейди Тоҳир Жавлонов. - Гәп сонда, райондағы экономикалық жағдай бираз аўыр еди. Халықтың жақсы жасаўы, дәраматлы болыўы ушын имканиятлар жетерли емес еди. Бәнтлик, кәмбағаллықтан шығарыўға үлкен қаржылар ажыратылған, бирақ олардың ҳәммеси де дурыс қаратылмағаны мәжилисте сынға алынды. Жыл сайын жағдай аўырласып, экономикалық жақтан зыянға баратырған аймақ едик. Мәселен, жергиликли бюджет түсимлери 27 миллиард сум болса, қәрежети 67 миллиард сумнан артқан. Яғный, район тийкарынан мәмлекетлик жәрдем есабынан "күн көрген", раўажланыўдан бираз артта еди. "Бир сөз бенен айтқанда, Сайхунабадта исбилерменлик өспекте, жаңа Өзбекстанның нәпеси сезилмей атыр", деп атап өтти мәжилисте мәмлекетимиз басшысы.

    Басқа тәрептен, адамларымыздың тийкарғы тиришилиги шарўашылықтан болып, шаңарақтың зәрүрлигин тәмийинлеўге хызмет еткен. Халықтың көпшилиги турақлы дәрамат дерегине ийе емес еди. Қыйтақ жерлер де сондай, адамлар өз үйиндеги үлкен-үлкен жер майданларынан дәрамат алыў, ҳәттеки өз мүтәжликлери ушын пайдаланыўды жолға қоймаған еди. Соның ушын, мәмлекетимиз басшысының басламасы менен халықты дәраматлы етиў бойынша Сайхунабад тәжирийбеси жолға қойылды. Онда ҳәр бир шаңарақтағы қыйтақ жер ҳәм үй хожалықларын иске қосыў, олардан өнимли пайдаланып, жылына 3-4 мәрте өним жетистириў, аймақта киши санаат ҳәм хызметлерди жолға қойыў ўазыйпасы белгилеп берилди. Қалаберсе, ҳәр бир мәҳәллениң драйвер бағдарынан келип шығып, балықшылық, пал ҳәррешилик, өнерментшилик ҳәм басқа да тармақларды раўажландырыў керек еди. Тийкарғы мақсет болса район халқын бар имканиятлардан пайдаланған ҳалда дәрамат табыўға үйретиў және аймақтың өз инвестициясын арттырыўға қаратылған.

    Баслаў ноқаты

    Көпшилик мәмлекетимиз басшысының Сайхунабад районына сапарын Иттифоқ мәҳәллесиндеги 70 жасар Рисолат апа Ғуламованың үйине кириўи менен еслейди. Дерлик 52 жылдан берли райондағы 21-шаңарақлық поликлиникада медицина хызметкери болып ислеп киятырған ҳаял 14 сотихлы қыйтақ жерине меҳир берип, ҳәр қыйлы өнимлер жетистиреди. Ҳәўлисинде шарўа маллары, қус бағады, еки сотихлы ыссыханасы да бар. Ақлықларын мийнетке үйреткен, бәрқулла жанында жәрдемши.

    Сапар даўамында Президентимиз апа менен сәўбетлескен, қыйтақ жерди көзден өткерген еди. Ҳәттеки, ең үлгили шаңарақ, деп тән алған. Бул ушырасыўды Рисолат апа өмириндеги ең умытылмас күн сыпатында еслеп жүреди. Аўылласлары да елеге шекем сол ўақыяны еслеп, шаңараққа ҳәўес етеди. Соның изинен қыйтақ жерлерин тәртипке келтирип, өним жетистириўге түскен шаңарақлар да аз емес.

    Адамлардың бул ҳәўесине Сайхунабад тәжирийбеси шеңберинде басланған жумыслар, избе-из енгизилген жеңилликлерге болған қызығыўшылық да қосылды. Соны айтып өтиў орынлы, сапар етиўдиң ертеңине-ақ барлық жуўапкерлер - ҳәким жәрдемшисинен баслап, банк хызметкерлерине шекем үйме-үй жүрип, адамларға қыйтақ жерден пайдаланыў бойынша жол-жоба көрсетип ғана қоймастан, әмелий жумысларға кирисип кеттик. Қысқа ўақытта үлкен-киши жойбарлар қәлиплестирилип, банклер тәрепинен нақ пулда жеңиллетилген кредитлер ажыратыў баслап жиберилди. Бир неше саат ишинде кредит пулын қолына алғанлар көплеп табылады.

    Солай етип, ўазыйпа анық қойылды - Сайхунабад районындағы 19 мәҳәлледе жасайтуғын 83 мыңнан аслам халықтың турмыс шараятын жақсылаў, аймақтың экономикалық раўажланыўын арттырыў керек. Талап та, сораў да қатты болатуғыны түсиникли. Арадан бир неше ай өтип, 2024-жылдың май айында Президентимиздиң басшылығында өткерилген мәжилисте Сайхунабад тәжирийбеси талланып, апрель айының өзинде мәҳәллелерде 70 мың жойбар әмелге асырылып, 465 мың гектар қыйтақ жерге егилгенине, 365 мың халықтың бәнтлиги тәмийинленгенине қарамастан, жумыслар барлық аймақларда да бирдей шөлкемлестирилмей атырғаны сынға алынды. Орынларда Сайхунабад тәжирийбесин жеделлестириў бойынша тапсырмалар берилди.

    Көпшиликтиң өзи Сайхунабад тәжирийбесиниң мазмуны, басқа тәжирийбелерден айырмашылығы неде, шынында да әпиўайы қыйтақ жерден пайдаланыўды исбилерменлик дәрежесине алып шығыў мүмкин бе, адамларда бул бағдардағы "иммунитет" қалай қәлиплестирилмекте, деген сораў қызықтырады. Бул тәжирийбе, бир қарағанда, тек ғана қыйтақ жер ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыўдан ибарат сыяқлы көринеди. Бирақ, тийкарында, бағдарлар жүдә кең.

    Сайхунабад тәжирийбесиниң тийкарғы мәниси аймақтың имканиятларынан келип шығып, халықтың дәраматларын арттырыў, бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған. Бунда көбирек итибар қыйтақ жер ҳәм үй хожалықларына қаратылғаны себепли, Сайхунабадтағы халық шаңарақларының көпшилиги үлкен-үлкен қыйтақ жер майданларына ийе. Ҳәм, тилекке қарсы, олардан өнимли пайдаланылмаған. Анығырақ етип айтқанда, райондағы 3 400 гектар халық қыйтақ жерлериниң 30 процентине де егин егилмейтуғын ямаса тек ғана шарўа маллары ушын азықлық ушын жоңышқа ҳәм мәкке егилетуғын еди. Адамларда басқа аймақлардағы сыяқлы еркин дийқаншылық әмелияты, көнликпеси раўажланбаған. Гәп сонда, Сырдәрьяның әййемги өзенлериниң тәсиринде көп жерлерде жер ығаллығы жоқары, жер асты суўлары дәрежеси болса жақынлығы себепли көпшилик жоңышқа егиўге үйретилген, тек ғана отырықшы шарўашылық пенен шуғылланған. Жыллар өтип, айырым шаңарақлар ушын бул бирден-бир дәрамат дәреги болып қалды. Бирақ, буннан дәрамат алыўдың дерлик имканияты жоқ. Мәселен, 1 сотих жерден 5 мәрте жоңышқа орып алғанда да, шама менен 50 баў алып, оны 20 мыңнан сатса, 1 сотихтан бир жылда 1 миллион сум дәрамат алыў мүмкин. Егер усы жерде овош ямаса басқа базарға қолайлы өним жетистирилсе, бир неше есе көп дәрамат алыў мүмкин екенлиги әмелиятта өз дәлилин таўып келмекте. Әне усы нәрсени адамларға үйретиў, оларда қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланып, жылына 3-4 мәрте өним алыў "иммунитетин" қәлиплестириў керек еди. Соның ушын тийкарғы итибар қыйтақ жер ҳәм үй хожалықларына берилди. Сайхунабад тәжирийбеси енгизилип, мәҳәллелерге баҳасы 5 миллиард сум болған 19 мини-трактор ҳәм 150 ден аслам мото-культиватор тарқатылды. Буның нәтийжесинде халықтың қыйтақ жерлеринен үш мәртеге шекем зүрәәт алыў системасы енгизилип, 1400 гектарда ямаса 41 процентте үш мәртеге шекем ҳәм 1800 гектарда ямаса 53 процентте еки мәртеге шекем зүрәәт алыўға ерисилмекте.

    Сайхунабад шөл зонасы болғаны себепли тийкарғы логистика жолларынан шетте қалған. Тәбийий, басқа шөл зоналарындағы халық сыяқлы бул жердегилер де көбирек шарўашылық пенен шуғылланыўы тек ғана "тиришилик" болып, оның изинен ҳәр бир шаңарақ өз мүтәжликлерине зорға жететуғын азық-аўқат пенен минимал дәрежеде дәрамат көрген. Сонлықтан, экономикалық раўажланыў көрсеткишлери бойынша шараяты орташадан төмен, бирақ ишки имканиятлары үлкен аймақ сыпатында таңлап алынып, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен тәжирийбе басламасы усыныс етилди. Бул басламаның мәниси бир неше бағдарлардан ибарат. Атап айтқанда, қыйтақ жер ҳәм жәрдемши хожалықлардағы жер ресурсларына исбилерменликтиң ең биринши таянышы ҳәм дәрамат дәреги сыпатында қаралыўы, аймақтағы шарўашылықты енди, дийқаншылық, бағшылық, пал ҳәррешилик, балықшылық ҳәм басқа да тармақлардың имканиятларын раўажландырыў менен толықтырыў, исбилерменликти раўажландырыў, ҳәр қыйлы себеплерге бола имканияты шекленген шаңарақларда минимал дәрамат дәрегин жаратыў усылардың қатарына киреди.

    Сондай-ақ, мәҳәллелердиң драйвер бағдарлары таңлап алынып, тармақларға қәнигелестириў де ҳәрекетлеримиздиң бир бөлеги. Районда алдыннан шарўашылыққа қәнигелескен бир неше мәҳәле бар. Басқа мәҳәллелерде болса балықшылық, гүл өсириўшилик, өнерментшилик ғалаба ен жаймақта. Қайсы бағдарда болмасын, жойбарларды қәлиплестириўде тиккелей қатнасып, нәтийже болғанша халыққа жәрдем берип атырмыз. Ҳәким жәрдемшилери "1 сотих қыйтақ жерден кеминде 1-2 миллион сум дәрамат" критериясы тийкарында бизнес-реже ислеп шығады. Перспективалы жойбарларға банклер тәрепинен тез мүддетте жеңиллетилген кредит ажыратылады. Райондағы 19 мәҳәллениң ҳәр бирине бириктирилген агрономлар қыйтақ жер ямаса ыссыханаға егин егиўден баслап өнимди сатыўға шекемги процессте қатнасады. Агрономлар ушын айлық мийнет ҳақысы да төленеди. Қалаберди, районда экспортқа көмеклесиўши кәрхана ашылып, хожалықларға өнимли қабақ, мәш, лобия, розмарин, брокколи, тимян туқымын жеткерип бермекте, жетистирилген өнимди сатып алып, экспорт етпекте. Хожалықлар кооперация тийкарында экспортшы менен байланыстырып бериледи. Районда 2 мың тонна сыйымлыққа ийе сақлаў, таңлап алыў ҳәм қайта ислеў комплексин шөлкемлестириў нәзерде тутылған. Улыўма, Сайхунабад тәжирийбеси жерден және де нәтийжели пайдаланыў, дийқанлар ушын базар табыўға жәрдемлесиў, исбилерменлерди сапалы туқым ҳәм дәри-дәрмақлар менен тәмийинлеў, экспортына әмелий жәрдем бериў, жер қатнасықларын қәлиплестириў сыяқлы әҳмийетли реформаларды өз ишине алады.

    Комилжон МУЛЛАЖОНОВ,

    Сайхунабад районы ҳәкими

    Жылына 3-4 мәрте өним алыў

    Бул бағдардағы жумыслар тап Иттифоқ мәҳәллесинен басланған еди. Ҳәр қалай, бул тәжирийбе ҳаққында сөз болса, дәрриў усы мәҳәлле тилге алынады. Мәҳәллемиздеги 1 165 шаңарақта 7 мыңға шамалас халық жасайды. Шаңарақлардың көпшилиги алдыннан үйинде дийқаншылық етип, шарўа малларын бағып келген. Бирақ, оның нәтийжелилиги оғада төмен екенлиги айтылады. Себеби, қыйтақ жерде тийкарынан маллар ушын азық болатуғын жоңышқа ямаса мәкке егилген. Ҳәттеке, күнделикли зәрүр азық-аўқат өнимлерин сатып алып пайдаланған.

    Қыс болыўына қарамастан, ыссыханамыз ишки өнимлер менен толы. Бир тәрепинде лимон писип тур, екинши тәрепинде ҳәр түрли көк шөплер, редиска өспекте. Сыртта ҳаўа бираз салқын, бирақ ыссыхана ишинде ыссыдан ҳәттеки пуўланған. Бирақ, бул тәбийй ыссылық, ыссыханаға үш қабат плёнка жабылып, термос жасалған. Қыздырыў системасы жоқ шараятта усы усылдан пайдаланып, қыста да өним жетистирип атырмыз, жылына 3-4 мәрте өним алыў тәжирийбеси қәлиплести. Мийнет етсе, ыссыханадан да жақсы дәрамат табыў мүмкин. Барлық гәп ислеп атырған жумысын түсиниў ҳәм мийнетте. Мәселен, бизиң ыссыханада өнимлерди жетистириўде үлкен қәрежет дерлик жоқ. Бирақ, дурыс тәрбиялап, көп зүрәәт алыў арқалы мақсетке ерисиў мүмкин. Әҳмийетлиси, қыйтақ жер бос жатпайды, қысы-жазы өним жетистирип атырмыз. Дурыс, ыссыханада помидор, болгар бурышы сыяқлы овошлар жетистирилсе, көбирек дәрамат алыў мүмкин. Буның ушын ысытыў системасы зәрүр. Бир неше жыл бурын ыссыханада газ батареялары болған, бирақ ысытыў имканияты болмағаны ушын алып таслағанбыз. Бирақ, тәбийий усылда ысытыў да бирқанша нәтийжели, қәрежети аз болады. Перзентлерим мәмлекетлик жумыста ислейди, бирақ олардың үйинде де ыссыхана бар. Дийқаншылықты үйренип өскен соң, қыйтақ жерди бос қоймай, қосымша дәрамат алыўға умтылады.

    Мамадали ТИЛЛАЕВ,

    "Иттифоқ" МФЙ пуқарасы

    ***

    Күн даўамында Сайхунабад бойлап бир қатар мәҳәллелерди айландық. Жоллардың бираз оңлаўға мүтәж екенлигинен бираз наразылық билдирдик. Мәўсимдеги жаўын-шашынлар жоллардағы ой-шуқырды еле де айқын көрсетип турғандай. Бирақ, шаңарақларда қыйтақ жерлер толық қысқы "уйқы"ға кетпеген. Айырым ыссыханаларда өнимлер писип турған болса, айырымларында нәллер егилип, тәрбияланбақта. Халықтың көпшилик бөлеги қыйтақ жерлерин және де кеңейтиўге ҳәрекет етип атырғанын көрдик. Адамлар дийқаншылық, қыйтақ жер ҳәм ыссыханаға бурынғыдай бийпәрўалық пенен емес, ал дәрамат дәреги сыпатында қарап атыр. Әпиўайы адамлар қысқа ўақытта исбилерменге айланып атырғанына район халқының өзи айқын мысал болып табылады. Әлбетте, бул тәжирийбе жақын жылларда елимиз бойлап кеңнен ғалаба ен жаяды.

    Жолдасымыз Тоҳир ағаға "Районда исбилерменлердиң көбейип атырғаны жақсы, дәраматы артса, мине усы жолларды да тегислеўге үлес қосады", деп жақсы нийет билдирдик.

    Бетти "Янги Ўзбекистон" хабаршысы

    Ирода ТОШМАТОВА таярлады.