баннер
19 Mar 2025
17:29

    Сайхунабад тәжирийбесинен илҳамландым

    Жерге егин егип, оннан азлы-кем зүрәәт алыў - көптиң қолынан келетуғын ис. Дурыс, кең қыйтақ жери бола тура, пайдаланбайтуғынлар қанша.

    Бирақ, ҳәўлиде жасайтуғынлардың көбиси, ҳеш болмаса, руўзыгершиликке жарамлы, деген мақсетте жерге қандай да бир егин егип қояды. Өзлеримиз де жыллар даўамында қыйтақ жерден тек ғана шаңарақ мүтәжлиги ушын пайдаланып келгенбиз. Жетистирген өнимлеримиз мәўсимлик, анық тәртип тийкарында егилмегени себепли, сатыўға дерлик шығарылмаған, қосымша дәрамат та болмаған. Ҳәзир болса 10 сотих қыйтақ жерден жылына 105-110 миллион сум дәрамат таўып атырман.

    Мәмлекетимиз басшысы мендей әпиўайы инсанды "Дўстлик" ордени менен сыйлықлағанын еситкенимде әне усылар қыялымнан өтти. Қыйтақ жерди раўажландырыўда үлги көрсетип атырған жеке қыйтақ жер ийеси сыпатында тән алындым. Усы жыл 17-март күни Президент өткерген видеоселектор мәжилисинде қатнасқаным өмиримдеги ең умытылмас ўақыя болды.

    Негизги кәсибим - муғаллим. Мине, отыз жылдан берли мектепте физика пәнинен сабақ беремен. Жумыстан бос ўақытларда шаңарағым менен үйимиздеги 10 сотихлық қыйтақ жерде дийқаншылық етемиз. Жоқарыда айтқанымдай, жетистирген өнимимиз руўзыгершиликке пайда берген, артқанынан алынған дәрамат та шаңарақтағы кемис-қутығына жумсалған. Шүкир, соның арқасында кем болмадық, балаларды тәрбияладық. Бирақ, қыйтақ жерден буннан да көбирек дәрамат алып, турақ жайлы, машинаға ийе болыў мүмкин екенлигине исеним пайда етип атырман.

    Мәмлекетимиз басшысының Сырдәрья ўәлаяты Сайхунабад районына сапары даўамында қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланып, жылына 3 мәртеге шекем өним алыў бойынша берген усынысы көпшилик қатарында мени де руўхландырды. Буның имканияты бар екенлиги, сол арқалы әпиўайы дийқаншылықты исбилерменликке алып шығыў мүмкин екенлиги ҳаққында ойлап, үйимдеги 10 сотих жерге басқаша қатнас жасай басладым. Алдынлары тек гешир, собықлы егинлер жетистирген болсам, енди жылына 3 мәрте өним алыўды жолға қойдым. Дәрамат та бир неше есеге артты. Ыссыханамдағы биринши өним - геширден 35 миллион сум, екинши өним - қыярдан 20 миллион сум, оннан кейин картошкадан 26 миллион сумға шекем дәрамат алдым. Өнимлеримиз базарда өтимли, зүрәәтти тийкарынан Ташкент қаласындағы дийқан базарларына алып шығамыз. Буйыртпа тийкарында да өнимлер жетистириледи, исбилерменлер өзи келип алып кетеди.

    Қыйтақ жеримизде 17 қуты пал ҳәрреси де бар. Пал ҳәррениң бир неше түрин көбейтемиз. Бир жылда 180-200 килограмм таза пал алып, 24 миллион сумға шекем қосымша дәрамат таўып атырмыз. Дәслеп бир қуты ҳәррелеримиз бар еди, кейин қутылар саны көбейди. Пал ҳәрреси қутысы атызға қанша жақын болса, сонша көп пал алыў мүмкин. Үйимизден атызға шекемги аралық бир неше километр болғаны ушын пал алыў имканиятымыз көбирек. Улыўма, бул жумыстан жақсы дәрамат табыўға болады. Өткен жылы Аққорған районы ҳәкиминиң басламасы менен 10 ға шамалас кем тәмийинленген шаңараққа 3 қутыдан пал ҳәрре тарқатылды. Ашығын айтқанда, бул олар ушын жақсы имканият болды, шаңарақлар соннан дәрамат тапты.

    Көпшилик Ташкент ўәлаятындағы хожалықларда қыйтақ жерден дерлик пайдаланбайды, деген пикирди билдиреди. Бул гәп дурыс емес. Мәселен, районымызда дерлик барлық шаңарақ қыйтақ жеринде өним жетистиреди. Адамлар жүдә мийнеткеш, қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланады, ҳадал мийнет етеди. Мәҳәллемиздеги дерлик барлық шаңарақта ыссыхана бар. Бирақ кейинги жыллардағы әмелиятқа бола, дийқаншылықта мийнет пенен бирге, билим, жаңаша қатнаслар да зәрүр. Сайхунабад ҳәм басқа да аймақлардың тәжирийбеси ғалабаласқан сайын адамлар жылына бир мәрте зүрәәт алыўға көнбей атыр. Енди ҳәмме қыйтақ жерден турақлы пайдаланып, базарда өтимли өним жетистириўди үйренип, жыл даўамында дәрамат табыўға өтпекте.

    Ҳәзир мол, абадан жасайман, деген инсан ҳәрекет етсе, бир неше истиң басын услап, жақсы дәрамат табатуғын дәўирде жасап атырмыз. Бир ўақытлары исбилермен деген тәрийп кемнен-кем адамға берилетуғын еди. Бүгин болса ҳәр бир тараўдың исбилерменине айланыў, тийкарғы жумыстан тысқары қосымша дәрамат дәрегине ийе болыў әдеттеги жағдай, ҳәттеки зәрүрликке айланбақта.

    Мен ушын да ислеп атырған исим исбилерменликтиң бир көриниси. Қыйтақ жерден жылына 100 миллионнан аслам дәрамат таўып атырман. Соннан соң Ташкент қаласынан 2 бөлмели жай ҳәм жаңа автомобиль сатып алдым. Үш перзентимниң ҳәммеси жоқары мағлыўматлы. Үлкен улым қурылыс тараўында ислейди, кишкенем маған жәрдемши. Жетистирген өнимлеримизди пайтахттағы дийқан базарларынан тысқары, аймақтағы саўда дүканларына да жеткерип беремиз.

    Сайхунабад тәжирийбеси арқалы елимизде және бир жақсы дәстүр қәлиплести - мәҳәллелерде "уста дийқан" принципи тийкарында шаңарақларға агрономлар бириктирилип, адамлардың өним жетистириўден сатыўға шығарылыўына шекем жәрдем берилип атыр. Бул дийқаншылық, қыйтақ жер жетистириў анық билим ҳәм тәжирийбе тийкарында раўажландырылып атыр, дегени. Мен де "Агробанк" АКБның Аққорған районлық филиалы тәрепинен агроном сыпатында шәртнама тийкарында жумысқа қабыл етилдим. Аймақтағы 25 шаңараққа пал ҳәрресин бағыўға ҳәм 80 шаңарақтың қыйтақ жеринде гешир жетистириўге жәрдемлеспектемен. Ҳәттеки, буның ушын маған 5 миллион сум айлық та тайынланған. Буннан да шаңарағыма жылына 60 миллион сум дәрамат киреди.

    Өз дәраматымның артыўы менен бирге, басқалардың да қосымша пул табыўына жәрдемлесип атырғанымнан қуўанышлыман. Адамлар тек мийнеткеш емес, ал әзелден исбилермен де болып есапланады. Оларға мәмлекет тәрепинен берилип атырған шараят, жол-жоба ҳәм жәрдем имканияттан кеңирек пайдаланыўға жол ашпақта. Мен де буған үлес қосыўды даўам етемен. Келешекте аймағымыздың ҳәр бир халқы өз үйиндеги қыйтақ жерден үнемли пайдаланып, жоқары дәрамат алыўы ушын бар билим ҳәм тәжирийбемди иске қосаман.

    Толқын МАНСУРОВ,

    Ташкент ўәлаяты Аққорған районындағы

    жеке қыйтақ жер ийеси,

    "Дўстлик" ордени ийеси

    Телеграм каналымыз
    Text to speech