Усы жылдың 26-28-сентябрь күнлери Қытайдың Циндао қаласында "Гран-при" турнири болып өтеди. Онда бул жерде мәмлекетимиздиң ўәкиллери:

Шаҳрам Аҳадов (-73 кг),

Алишер Юсупов (100 кг дан жоқары) қатнасады.

Параллел түрде 27-28-сентябрь күнлери Чехияның Прага қаласында "Prague European Open 2025" турнири болып өтеди. Өзбекстан командасы ушын төмендегилер татамиге шығады:

Еркеклер:

60 кг ға шекем - Баҳром Ботуров,

73 килограммға шекем - Замахшари Бекмуродов ҳәм Абдураҳим Нутфуллаев,

81 килограммға шекем - Арслонбек Тожиев,

100 кг ға шекем - Давлат Бобонов,

100 кг нан жоқары - Музаффарбек Тўрабоев.

Ҳаяллар:

48 кг ға шекем - Халима Қурбонова,

52 кг ға шекем - Муҳайё Аҳматова,

57 кг ға шекем - Шукуржон Аминов,

78 килограммнан жоқары - Ирисхон Қурбонбоева.

Бул жарысларда қатнасыў өзбекстанлы дзюдошыларды алдағы лицензиялық турнир ҳәм чемпионатларға таярлаўда әҳмийетли басқыш болыўы күтилмекте.