Сенаторлар турмыслық шығындылар хызметлери бойынша төлем тәртибин тәмийинлеўдеги әмелият ҳәм әҳмийетли машқалаларды додалады.
Әмелиятта болса бир қатар әҳмийетли машқалалар жүзеге келмекте. Соннан:
"Аймақлық электр тармақлары" АЖның "НЕТ" мобил қосымшасында халыққа турмыслық шығындылар хызмети бойынша қарыздарлық ҳаққында мағлыўматлар сәўлелендирилмей атыр;
“Toza makon” электрон биллинг системасы менен "Аймақлық электр тармақлары" АЖның биллинг системасы арасында толық интеграция тәмийинленбеген;
Айырым тутыныўшыларда шығынды хызмети бойынша шәртнама жоқ;
Абонент есап бетлеринде анықсызлықлар бар.
Бундай жағдайлар жәмийетшилик арасында түрли сораўлар ҳәм тәшўишлерге себеп болмақта.
Жоқарыдағы кемшиликлерди есапқа алған ҳалда, Сенат комитети тәрепинен Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги және Энергетика министрлигине мағлыўматлар алмасыў процесиндеги машқалалар бойынша анық мағлыўмат бериў ҳәм оларды сапластырыў бойынша әмелиятқа байланыслы усыныслар таярлап бериў соралды.









