Сенат комитетинде 2025-жылға мөлшерленген Мәмлекетлик бағдарлама жойбары додаланды

    15 қаңтар 2025 213

    Сенаттың Бюджет ҳәм экономикалық мәселелер комитетиниң мәжилисинде "Өзбекстан-2030" стратегиясын "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл экономика" жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаның жойбары қызғын додаланды.

    Атап өтилгениндей, Мәмлекетлик бағдарлама жойбарында "Өзбекстан - 2030" стратегиясының 5 тийкарғы бағдары кесиминде 2025-жыл ушын әмелий илажлар режеси, усы жылы ислеп шығылатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларының дизими ҳәм ҳәр бир бағдар кесиминдеги мақсетли көрсеткишлер нәзерде тутылмақта.

    Мәмлекетлик бағдарлама жойбарында нәзерде тутылған жаңа көзқараслар 2030-жылға шекем жалпы ишки өнимниң жыллық өсиўин кеминде 6 процентке жеткериў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың абаданлығын арттырыў мақсетлерине ерисиў ушын беккем тийкар жаратады.

    "Жасыл" энергетика миллий экономикамыздың драйверине айланып атырғанынан келип шығып, бул бағдарда да кешиктирип болмайтуғын әҳмийетли ўазыйпалар белгиленбекте.

    Соның ишинде, халық ҳәм исбилерменлик субъектлери тәрепинен қайта тиклениўши энергия дәреклеринен кеңнен пайдаланыўды хошаметлеў мақсетинде 2025-жыл 1-апрельден баслап шығындыларды утилизациялаў есабынан және самал ҳәм қуяш дәреклеринен ислеп шығарылған электр энергиясы ушын "жасыл тарифлер"ди енгизиў усыныс етилмекте.

    Мәмлекетлик бағдарлама жойбарында мәмлекет экономикасын жаңа сапа басқышына алып шығыў ушын экономикалық өсиўди кеминде 6 процент дәрежесинде тәмийинлеў, турақлы экономикалық өсиў пәтлерин тәмийинлеўде ишки қорлар ҳәм қаржы ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў, экспорт потенциалын үйрениў режелестирилген.

    Сондай-ақ, исбилерменлер менен "кәрхана бойынша" жумысларды шөлкемлестириў ҳәм жергиликли өнимлердиң экспорт географиясын кеңейтиў, "Өзбекстанда ислеп шығарылған" бренди астында жергиликли өнимлердиң сыртқы базарлардағы орнын беккемлеў арқалы 2030-жылға шекем экономика көлемин 2 есеге арттырыў ҳәм "дәраматы орташадан жоқары болған мәмлекетлер" қатарына кириў нәзерде тутылмақта.

    Мәжилис қатнасыўшылары додаланған Мәмлекетлик бағдарлама жойбарының барлық бәнтлери бойынша өз пикир-усынысларын билдирди. Сондай-ақ, 2025-жылғы мәмлекетлик бағдарлама жойбарында нәзерде тутылған барлық бағдардағы мақсет-ўазыйпалар ертеңги күнимизди және де абадан етиўде, елимиздиң раўажланыўын жоқары басқышқа көтериўде әҳмийетли орын ийелейтуғыны атап өтилди.

    Илаж жуўмағында жойбарды жетилистириў ҳәм қабыл етиў бойынша пикир ҳәм усыныслар ислеп шығылыўы атап өтилди, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.

    No date selected
    January 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates