Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан ҳәм БМШ арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, соның ишинде, жаслар парламентлери арасында халықаралық сөйлесиўди күшейтиў, экология, жасалма интеллект ҳәм санлы билимлендириў тараўларында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша анық усыныс ҳәм басламалар билдирилди. Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысының басламасы менен 2026-жылы Самарқанд қаласында Жас парламент ағзаларының халықаралық форумын жоқары дәрежеде шөлкемлестириў бағдарында бирге ислесиў ҳәм онда БМШ Бас хаткериниң жаслар мәселелери бойынша жәрдемшиси әҳмийетли басламалар менен қатнасыў усыныс етилди.
Ушырасыўда БМШ "Жаслар - 2030" стратегиясының мазмун-мәниси, оның шеңберинде жасларға байланыслы мәселелерди алға қойыўдағы тийкарғы бағдарлар додаланды.
Сондай-ақ, Өзбекстанда жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты қәлиплестириў ҳәм әмелге асырыў бағдарындағы тийкарғы бағдарлар, түпкиликли реформалар ҳәм әмелий нәтийжелер кеңнен сәўлелендирилди. Атап айтқанда, мәмлекет халқы қурамында жаслардың үлеси 55 проценттен артқанын есапқа алып, олардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарына айланғаны атап өтилди.
Дослық ҳәм әмелий руўхта болып өткен сөйлесиў жуўмағында Өзбекстан ҳәм БМШ арасында барлық тараўларда өз-ара пайдалы қатнасықларды және де кеңейтиўге келисип алынды, деп хабар бермекте Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.









