баннер
19 Mar 2025
03:00

    Сенат: шахстың өз айыбын тән алғанлығы оған қарсы бирден-бир дәлил болса, ол айыплы деп табылыўы ямаса жазаға тартылыўы мүмкин емес

    Сенаттың бесинши жалпы мәжилисинде "Жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлиги мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине судлар жумысының және пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлериниң кепилликлерин күшейтиўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы нызам сенаторлар тәрепинен додаланды.

    Кейинги жылларда мәмлекетимизде ҳуқықый системаны түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм суд ҳәкимиятының еркинлигин тәмийинлеўге қаратылған кең көлемли ҳәм үлкен әҳмийетке ийе болған реформалар әмелге асырылды.

    Бул реформалар суд жумысларын жетилистириў, суд қарарларының ашық-айдынлығын ҳәм қалыслығын арттырыў, сондай-ақ, пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў кепилликлерин күшейтиў сыяқлы кең көлемли бағдарларды қамтып алады.

    Додаланған нызам да әне усы системалы реформалардың логикалық даўамы болып есапланады.

    Соның ишинде, Өзбекстан Республикасының Жынаят-процессуаллық кодекси ҳәм "Судлар ҳаққында"ғы нызамға гүман етилиўши, айыпланыўшы ямаса судланыўшы өзиниң айыпсызлығын дәлиллеў шәрт емес екенлиги ҳәм қәлеген ўақытта үндемеў ҳуқықынан пайдаланыўы мүмкин екенлиги белгиленбекте.

    Соның менен бирге, шахстың өз айыбын тән алғанлығы оған қарсы бирден-бир дәлил болса, ол айыплы деп табылыўы ямаса жазаға тартылыўы мүмкин емес екенлиги нәзерде тутылмақта. Суд процесинде қатнасып атырған гүўа өзине ҳәм жақын туўысқанларына қарсы көрсетпе бериў ҳуқықы енгизилмекте.

    Нызам менен судьяны белгили бир истиң додалаўынан шетлетиўге ямаса оның ўәкилликлерин тоқтатып турыўға, басқа лаўазымға өткериўге тек ғана нызамда белгиленген тәртипте ҳәм тийкарларға бола жол қойылатуғыны енгизилмекте. Сондай-ақ, судьяның ўәкиллигине ҳәм әдил судлаўды әмелге асырыўға байланыслы жумысына ҳәр қандай тәризде араласыўға жол қойылмайтуғыны және олардың есап бермейтуғыны белгиленбекте.

    Жоқарғы судтың нызамшылық басламасы ҳуқықын әмелге асырыў шеңбери анықластырылып, тек ғана өз ўәкилликлери шеңберинде мәселелер киргизетуғыны көрсетилмекте.

    Бул нызам пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаўды тәмийинлеў, әдил судлаўдың сапасын буннан былай да арттырыўға қаратылғаны менен әҳмийетли болып есапланады.

    Нызамның қабыл етилиўи әдил судлаўды әмелге асырыўда судьялар тәрепинен Конституция нормаларын тиккелей қолланыў ҳәм Конституциялық үстинликти белгилеў бойынша зәрүр ҳуқықый кепилликлер жаратылыўы, шахстың ҳуқықлары менен еркинликлериниң суд арқалы қорғалыўын буннан былай да беккемлеўге хызмет етеди.

    Додалаў жуўмағында Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.


    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech