Өзбекстан Республикасы Конституциясына муўапық Олий Мажлис Сенаты нызамшылық басламасы ҳуқықына ийе. Бул баслама шеңберинде парламенттиң жоқары палатасы жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған ҳуқықый нормаларды жетилистириўге айрықша итибар қаратпақта.
Жынаят кодексиниң 266-статьясында нәзерде тутылған қылмыс абайсызлық ақыбетиндеги жынаят сыпатында тән алынса да, соңғы ўақытлары бул түрдеги қылмыслар жол ҳәрекетиниң басқа қатнасыўшылары, әсиресе пиядалар, велосипед айдаўшыларының ҳуқықларын ашық менсинбеў, әсиресе алдын жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғаны ямаса жол-транспорт ҳәдийсесин ислегенлиги ушын транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан айырылғанлар, сондай-ақ, мәслик жағдайында ямаса нәшебентлик қураллары, олардың аналоглары, психотроп ямаса адамның ақыл-ойына тәсир ететуғын басқа да элементлер тәсиринде болған шахслар тәрепинен исленип атырғаны бақланбақта.
Атап айтқанда, 2020-2024-жыллар даўамында мәс айдаўшылар себепли 600 ге шамалас жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берген болса, 2024-жылдың өзинде транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан айырылған шахслар тәрепинен 405 ЖТҲ дизимге алынған.
Сол себепли Сенаттың Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитети тәрепинен жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардан алынған пикирлер тийкарында Жынаят кодексиниң 266-статьясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў арқалы жол ҳәрекети қағыйдаларын қопал бузған айдаўшыларға жынаяттың аўырлығын есапқа алған ҳалда жаза илажларын күшейтиў бойынша усыныслар ислеп шығылды.
Мәжилис жуўмағында жумысшы топар ағзалары жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери менен биргеликте нызамшылық усынысларын жетилистириў ҳәм бул тараўдағы нызамшылық нормаларын және де күшейтиў бойынша жумысларды даўам еттириў әҳмийетли екенлигин атап өтти, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.