Сөйлесиўде 2026-2030-жылларға мөлшерленген Мәмлекетлик бағдарламаны әмелге асырыўдың тийкарғы бағдарлары додаланды. Бағдарлама гендер теңлик ҳәм репродуктивлик саламатлықты тәмийинлеў, Өзбекстанның демографиялық мәселелер бойынша сиясаты ҳәм әмелдеги нызамшылығын қоллап-қуўатлаў, парламент ҳәм тийисли мәмлекетлик структуралар менен бирге ислесиўди нәзерде тутады.
Ушырасыў жуўмағында қатнасыўшылар нәтийжели бирге ислесиў ҳәм ерисилген келисимлерди биргеликте әмелге асырыўға умтылатуғынын тастыйықлады.