Онда Сенаттың тийкарғы ўазыйпалары, оның ўәкилликлери, нызамшылық жумысы ҳәм парламентлик қадағалаў шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында толық түсиниклер берилди, сондай-ақ, әҳмийетли мәселелер додаланды.
Сондай-ақ, ашықтан-ашық сөйлесиў түринде өткерилген ушырасыўда елимизде жасларға үлкен итибар қаратылып атырғаны, олар ушын шараятлар жаратылып атырғаны атап өтилди, Сенат ҳәм оның жанындағы Жаслар парламенти жумысындағы жаңалықлар ҳаққында пикир алысылды.
Ушырасыў соңында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларына толық жуўап алды, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.
Ушырасыўдан соң Сенат имараты бойлап экскурсия шөлкемлестирилди.