Қырғыз Республикасы делегациясы Олий Мажлис ҳәм Жогорку Кенеш арасында бирге ислесиў бойынша парламентлераралық комиссияның гезектеги мәжилисинде қатнасыў ушын мәмлекетимизге келген.

Ушырасыўда парламентлераралық бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери, Өзбекстан ҳәм Қырғызстан арасындағы бирге ислесиўдиң жағдайы ҳәм оны тереңлестириў перспективалары додаланды.

Тәреплер жоқары дәрежедеги өз-ара сапар етиўлер ҳәм халықаралық парламент форумлары шеңберинде кеңейип баратырған еки тәреплеме байланыслардың избе-из пәтин қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Парламентлераралық комиссия мәжилислерин аймақларда өткериўдиң унамлы әмелиятына айрықша итибар қаратылды. Тәреплердиң пикиринше, бул аймақлараралық байланысларды беккемлеўге жәрдем береди ҳәм орынлардағы өзине тәнликлерди есапқа алыў имканиятын береди. Комиссия парламент ағзалары арасында тиккелей сөйлесиў ушын нәтийжели майдан болыўы ҳәм еки тәреплеме күн тәртибин анық басламалар менен байытыўы әҳмийетли екени атап өтилди.

Сондай-ақ, сөйлесиў ўақтында Парламентлераралық комиссияның жумысы шеңберинде Самарқандта өткерилген биринши Өзбекстан-Қырғызстан туризм форумы еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўди жеделлестириўде гезектеги қәдем болғаны, өзбек ҳәм қырғыз халықлары арасында туризм ҳәм мәдений алмасыў тараўында әҳмийетли ўақыя болғаны атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер парламентлераралық байланысларды және де раўажландырыў, халықаралық парламент структуралары шеңберинде бирге ислесиўди кеңейтиў, дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм регионның турақлы раўажланыўын беккемлеўге қаратылған қоспа жойбарларды әмелге асырыўдан өз-ара мәпдар екенин тастыйықлады, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.