Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы бирге ислесиў қатнасықларын, атап айтқанда, инсан ҳуқықларын қорғаў, ҳуқықый мәмлекетти раўажландырыў ҳәм пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаў тараўында тәжирийбе алмасыўды кеңейтиў мәселелери додаланды.
С.Сафоев мийманды қызғын қутлықлап, Өзбекстанда инсан ҳуқықларын тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылып атырғанын, бул бағдарда парламент ҳәм Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкил (омбудсман) институтының орны барған сайын артып атырғанын атап өтти.
Өз гезегинде, Россия Федерациясының Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили Өзбекстанда соңғы жылларда инсан ҳуқықларын қорғаў, социаллық әдилликти тәмийинлеў ҳәм пуқаралардың ҳуқықый санасын арттырыў бойынша алып барылып атырған реформаларды тән алды. Ол еки мәмлекет арасында инсан ҳуқықларын тәмийинлеў тараўында бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға таяр екенин билдирди.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер инсан ҳуқықлары тараўындағы, омбудсманлар институты шеңбериндеги байланысларды ҳәм парламентлераралық байланысларды тереңлестириў бағдарында әмелий бирге ислесиўди даўам еттириўге келисип алды, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.









