Илажда дүньяның 16 мәмлекетинен - Қытай, Россия, Вьетнам, Монголия, Әзербайжан, Черногория, Армения, Куба, Қырғызстан, Грузия, Тәжикстан ҳәм басқа да мәмлекетлерден илим академияларының президентлери ҳәм басшылары қатнасты. Өзбекстан делегациясынан бир топар илимпазлар қатнасты.
Мәжилис жуўмағында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетиниң ағзасы, Өзбекстан Илимлер академиясының президенти Шавкат Аюпов Илимлер академиялары халықаралық ассоциациясының жоқары атағы ҳәм шөлкемниң ҳүрметли медалы менен сыйлықланды.
Ушырасыўда халықаралық илимий бирге ислесиўди беккемлеў, илим ҳәм инновациялар тараўында тәжирийбе алмасыў имканиятларын кеңейтиўге қаратылған әҳмийетли қарарлар да қабыл етилди.









