"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, ҳаўа температурасы әсте-ақырын көтериледи: бүгин күндиз +25...+28 дәрежеге шекем, қублада айырым жерлерде +30 дәрежеге шекем. Шемби күни шөл аймақлары ҳәм республиканың қубласында, екшемби күни болса орайлық ўәлаятларда +32...+34 дәреже ыссы болады.
Қарақалпақстан ҳәм Хорезм ўәлаятында 20-21-сентябрь күнлери айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўып, гүлдирмама болады. Бул жерде күндизги температура +23...+28° болады. Арқада ҳәм шөл зоналарында самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң араласыўы мүмкин.
Ташкентте дем алыс күнлери жаўын-шашын болмайды. Ҳаўаның температурасы 19-сентябрьде +26° әтирапында, 20-сентябрьде +28...+30°, 21-сентябрьде +32...+34° болады.