Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев жоқары мәртебели мийманды шын жүректен күтип алып, минберге мирәт етти.
Еки мәмлекет гимнлери жаңлады. Әскерий оркестр сеслери астында жетекшилер ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтти. Рәсмий делегациялар ағзаларын қутлықлады.
Биргеликте сүўретке түскеннен соң мәмлекет басшыларының делегациялар қатнасыўындағы сөйлесиўлери басланды.




