Жоқары мәртебели мийман басшылығындағы Грузия делегациясына комплекстиң архитектуралық шешимлери және композициясының мазмун-мәниси ҳәм өзгешеликлери ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берилди. Комплекс Грузия делегациясында терең тәсир қалдырды.
Мәмлекетимизге келип атырған Жоқары мәртебели мийманлардың Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламалары менен қурылған бул саўлатлы комплекс пенен танысыўы дәстүрге айланғанын атап өтиў керек.




