Халқымыздың жеңиске қосқан үлеси ҳақыйқый мәртлик ҳәм қаҳарманлық жылнамасы болып есапланады

    Екинши жер жүзилик урыстың тамам болғанына 80 жыл болды. Сонша ўақыт өтсе де оның тарийхы, қайғы ҳәм мүсийбетлери умытылмайды. Керисинше, урыстың аянышлы ақыбетлери, тынышлық-татыўлықтың қәдирин еске түсиреди. 9-май - Еслеў ҳәм қәдирлеў күни тийкарында мине, усындай мазмун жәмленген.

    Президент Шавкат Мирзиёев усы сәне мүнәсибети менен Жеңис паркине барып, еслеў мәресиминде қатнасты.

    Парк бойлап муңлы нама таралады. Бул жердеги ҳәр бир естелик, тымсал ҳәм жазыўлар қорқынышлы урыс ҳақыйқатлықларын сәўлелендиреди, халқымыздың жеңиске қосқан үлкен үлесин атап өтеди. Бағ бүгингидей байрам күнлеринде, әсиресе, көп болады.

    Кейинги жылларда қәлиплескен дәстүрге муўапық, мәмлекетимиз басшысы "Мәртлик гимни" естелигине гүл қойды. Бул саўлатлы естелик урыста халқымыз шеккен азап-ақыретлер, мәртлик ҳәм жоғалтыўлардың көриниси болып есапланады.

    Ҳүжжетлердиң көрсетиўинше, фашизмге қарсы қанлы саўашларда сол ўақытта 6 миллион 800 мыңды қураған халқымыздың дерлик 2 миллионы қатнасқан. Соннан 540 мыңға шамаласы қайтыс болған, 158 мыңы бийдәрек жоғалған, 50 мыңнан асламы концлагерьлерде мисли көрилмеген қыйнаў ҳәм азаплар себепли қайтыс болған, 60 мыңнан асламы майып болып қайтқан.

    Өзбекстанлы әскер ҳәм офицерлерден 214 мыңға шамаласы жаўынгерлик орден ҳәм медальлар менен сыйлықланғаны олардың мәртлигинен дәрек береди.

    Мәмлекетимиз урыс жылларында фронттың беккем тәмийнат базасына айланған, саўаш майданларына оғада үлкен муғдарда әскерий техника, қурал-жарақ, кийим-кеншек ҳәм азық-аўқатлар жеткерип турылған. Оғада аўыр шараятқа қарамастан, халқымыз урыс аймақларынан көширип келинген 1 миллион 500 мыңға шамалас адамды, соның ишинде, ата-анасынан айырылған 250 мың жетим баланы өз қушағына алып, меҳир көрсеткен.

    -Булар ҳақыйқый мәртлик ҳәм қаҳарманлық жылнамасы болып есапланады. Бундай қурамалы ҳәм даңқлы жеңиске мүнәсип үлес қосқан мәрт халқымыз бенен ҳәр қанша мақтансақ, арзыйды. Бул қаҳарманлықларды ҳеш қашан умытпаўымыз, жасларымызға жеткериўимиз керек. Әсиресе, ҳәзирги қәўетерли заманда буның әҳмийети оғада үлкен. Ҳәммемиз ўатан қорғаўға ҳәр күни таяр болыўымыз керек, - деди Шавкат Мирзиёев.

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң 19-февральдағы қарарына муўапық, Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 80 жыллығы ҳәм Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсип белгиленбекте. Бүгинги әўладлардың тынышлығы, мәмлекетимиздиң турақлылығы ушын жанын пидә еткен инсанлардың естелиги ҳүрмет пенен еске алынбақта. Ҳәзирги ўақытта бар болған мийнет ветеранлары ҳәм кекселерге ҳүрмет көрсетилмекте.

    Илажда Өзбекстан Қураллы Күшлери, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, мәҳәлле белсендилери ҳәм нураныйлар да қатнасып, бул естеликке гүллер қойды.

    Мәмлекетимиз басшысы бағда орнатылған "Еслеў нуры" композициясын да көзден өткерди. Ол Екинши жер жүзилик урыс ҳәм фронт артында мийнет еткен өзбекстанлы қаҳарманлардың естелигине бағышлап қурылған. Монумент пәрўаз етип атырған еки қус көринисинде болып, үлкен ҳәм жас әўладлар арасындағы мийрасхорлықты сәўлелендиреди.

    Шығарма тарийхый мийрас ҳәм заманагөй көркем өнерди өзинде жәмлеген. Оған QR-мүрәжат орнатылған болып, келиўшилер комплекс ҳәм урыс қаҳарманлары ҳаққында оқыўы, "Еслеў нуры" китабын жүклеп алыўы мүмкин.


    No date selected
    June 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates