Наргизаның нәзери столдың үстиндеги авиабилетке түсти. "Және кетип баратыр екен", деп еле дийдарына тойынбаған анасына дыққат пенен қарады. Анасы бир жаққа барыўға таярланып атыр.
- Бир нәрсе айтсам, өкпелемейсиз бе, апажан? - деп сорады әсте ғана.
- Мени қапа ететуғын сөз айтпайсыз, қызым, - деди ана мысқыллы сизлеп, жас өспирим баласының жоқарыдағы сораўына таңланып.
- Қәпелимде сизди қапа етип қоймайын деп атырман-дә, - деп сөзин даўам етти қыз тазалап атырған картошкасына тигилип. - Бүгин дем алыс күни, биз бенен боласыз ба ямаса және досларыңыз бенен "зыяпатқа" кетесиз бе? Усы сәўбетимизде әкем де болса жақсы болар еди. Яқшы, әкеме сиз жеткересиз...
- Гәпти көп создыңыз-аў, қызым. Жүйрик заманда қысқа, тужырымлы сөйлеўди үйрениң. Болжаўыңыз жүдә дурыс, бүгин классласларым менен "зыяпат"ымыз бар. Түсликти ислеп болып, мен қайтқанша кирлерди кир жуўыў машинасына салып қойың. Қылғаныңыз маған болса, үйренгениңиз өзиңизге. Усылайынша үй-руўзыгершилик жумысларына көнлигип барасыз ғой. Иниңиз көшеде топ теўип жүре бермей, үйге келип жер аўдарсын, кешке таман туқым сеўип қоямыз.
- Апажан, сырт елден келгениңизге еле бир ай болмады. Биз бенен бир дастурхан әтирапында отырыўға ўақтыңыз жоқ. Ҳәр дем алыс күни зыяпат: бир сапары класласлар, бир сапары қурдаслар, және биринде қоңсылар, басқасында туўысқанлар. Бизге болса ўақтыңыз жоқ. Көп ойланып, бүгин сизге бар гәпимди айтаман, деп едим ғой.
Ана қызының түскин кейпиятына қарап, сергекленди.
- Не гәп, қызым, айта бер, әйтеўир тынышлық па? Досларың менен урысып қалмадың ба?..
Ананың кеўлине келген жаман пикирден жүреги шәўкилдеп кетти, ақыры қызы жүдә ақыллы, әдепли, сергек, мектепте де алдыңғы оқыўшылардан. Неге олай деп атыр?
- Мейли, айтқаным болсын, - деп қыз қәддин тиклеп анасына бурылды. Оның көз-қарасында баяғы түскинликтиң изи де қалмаған еди. - Апажан, иним екеўимиз әкемнен, сизден де жүдә миннетдармыз. Ҳеш нәрседен кемимиз жоқ. Аўзымыздан шыққанын жеткерип бересизлер. Бирақ бизлер мийримиңизге зар болып өсип атырғанымызды билмейсиз. Өзиңиз айтың: мени бир мәртебе қушағыңызға басып, еркелеттиңиз бе? Ер жетиў дәўири, нәзик, жас дейсизлер, бирақ усындай ўақытта жүрегимдеги кеширмелер, сырларым менен ҳеш қызықпадыңыз. Ағам дем алыс күнлери бизлерди бир мәртебе де дем алыс бағына ямаса музейге алып барған ба? Бизди қызықтырған китапларды алып берди ме? Жоқ. Ҳәр жылы Самарқандқа - уллы бабаларымыздың мақбараларын зыярат етиўге барамыз, деп ўәде бересиз, бирақ орынламайсыз.
Атам, кемпир апам менен жасап атырғанымызда бул нәрсе бизге билинбеген екен. Олар китап алып беретуғын, Ферғана бағларына апаратуғын еди. Енди сизлердиң қушағыңызда турып, өзимизди жалғыз сезип атырмыз. Әкем ярым ақшамда жумыстан келип, биз оянбастан кетеди. Сиз: "Болыңлар, асығып атырман, шайыңызды ишиң, мектебиңизге кетиң", дейсиз. Маған "Репетитор ядыңнан шықпасын, пулына күйип қалмайық", ал, иниме "Каратэңнен келип, оқыўға кешикпей бар", деп айтыўдан басқа сөзди билмейсиз. Жумыстан келип, аўқат писирип, ыдыс жуўасыз. Кейин бирден телевизорға жабысасыз. Көз айырмай, бизди сөйлетпей, түрли сериалларды көресиз. Шаршап уйқыға кеткенимизди өзимиз де билмей қаламыз. Сырларымыз, қызығыўшылықларымыз ишимизде "мойнын қысып" қала береди.
Дем алыс күнлери бәрқулла зыяпатыңыз болады. Ҳәр күни бүгин кеўлимдеги гәпимди апама әлбетте айтаман, деп үйге келемен, бирақ пурсат таппайман. Баўырыңызға басып еркелеўди, сырларымды айтыўды жүдә-жүдә қәлеймен. Буны еситиўге сизиң ўақтыңыз жоқ. Әжапам болса, "Үлкен қыз болып қалдың, сырыңызды тек ғана анаңызға айтың. Ең жақын достыңызға да исеним жоқ, тек ғана анаңыз дос болады, ҳеш қашан сизди сатпайды, балам", деп нәсиятлаған еди...
Қызының пикиринен ҳайран қалған ана не жуўап бериўди билмей, "Қызым, сизлер ушын ислеп атырмыз-аў, қәде жыйнаў, оқытыў... ҳәммеси өзи бола ма?" дейди де перзентиниң әллеқашан үлкейип қалғанын сезбей қалғанынан қысынып ойға батады. Өзине келгенде болса қызының "Апажан, бизге меҳир керек, меҳир!" деген сөзлери қулағының астында жаңлады. Сол күни "зыяпат"қа бармады, сапар билетинен де ўаз кешти...
Ойландыратуғын жағдай, солай емес пе? Дослар, айтыңшы, нәзик жастағы өспирим қызыңыз яки улыңыз бенен қашан шын жүректен сәўбетлескенсиз? Олар интернеттеги керекли-керексиз мағлыўматлар ийримине түсип қалмады ма? Олардың кеўлинен қандай ой-пикирлер өтип атырғанынан хабардарсыз ба? Дос-яранлары ким, таныйсыз ба? Балаңыздың мурты өсип кетипти, абайладыңыз ба? Ол кимлер менен дос тутынғанынан хабарыңыз бар ма?
Муғәллимлери ата-аналар мәжилисине шақырғанда, мектебине неше мәрте бардыңыз, улыўма барғанысыз ба? Сораў изинен сораў келе береди. Унамлы жуўаплар болса санаўлы. Биз, үлкенлер гейде бүгин жас өспиримлер, жаслардың "ғалабалық мәденият" тәсирине түсип қалғанынан, жүрис-турысы ҳәм қатнасындағы турпайылықтан налыймыз. Негизинде бул жағдайлар турмыстың қуўаныш ҳәм тәшўишлерине берилип, изимизден киятырған келешегимиз ийелериниң тәрбиясы менен шуғылланыў, қәлбине қулақ салыўға ўақыт таппай атырғанымыздан екенин умытып атырғандаймыз. Айтады ғой "Жүзиң қыйсық болса, айнаға өкпелеме", деп.
Аналар сабақ алыўы ушын өзим гүўасы болып, талқылаған бир мысалды келтириўди орынлы деп билдим. Тап он сегиз жасында қыз намысын бир жуп алтын тиске алмастырады. Ана қызының тилла тисли болғанын ҳәтте сезбейди. Қыз ай-күни жетип, ҳәмледар екенин билгенде, тис докторы болған намыс урысына оны жоқ етиўде жәрдем сорайды. Ол нәмәрт, буны мойынламайды. Кимге жолығыўды билмеген сада ғана қыз ақыр-аяғында жағдайын әтираптан, жақынларынан жасырып-жасырып тоғыз айды өткереди. Ҳәм аўырыў пайда болғанда, ең жақын сырлас достын шақырып, өзиниң мойынлаўынша, атызға туўып таслаўға шығып баратырғанда дәрўаза алдында толғаў күшейип, сол жерде "көзи жарылады". Қызым соқыр ишектен азап шегип атыр, деп жуўырып-жуўырып доктор шақырмақшы болған, ҳеш нәрседен хабарсыз ана нәрестениң "сестин" еситип, албыраўшылықтан есин жоғалтады.
Әттеген! Қандай ана қызының денесиндеги жүклиликти, руўхый дүньясында болып атырған жағдайды тоғыз айға шекем сезбейди! "Мен жумысқа ерте кетип, кеш қайтатуғын едим, қызым бәрқулла үйде, үй жумысларын ислеп отыратуғын еди-ғо", деген еди сол ўақытта қыздың мүрәжаты тийкарында жағдайды үйрениў ўақтында ана көз жаслары менен жүзин жуўып...
- Кеширерсизлер, мениң ондай улым жоқ, - дейди мәҳәлледеги жыйналыста баласы сырт елдеги экстремистлерге қосылып, камера алдында өз елинде қан төгиў нийетин бирден айта алған жигиттиң әкеси жерге қарап. - Тиришилик жолында жүре берип, баламның қадағалаўын умытыппан. Бүгин өкинемен.
Енди ойланып көрейик. Жәмийет оны кеширгенинен не пайда? Ул тәрбиясындағы бийпәрўалықтың бул иси атаны бир өмир жемирип, пүткил әўладына татымай ма? Ўатанды сатқын, әкесин өлтирген перзентти Жаратқан да кеширмесе керек!
Булар жүдә тереңлескен жағдайлар. Ең әпиўайысына көшетуғын болсақ, ата-аналардың көбиси перзенти мектептен қандай баҳа алып келгенин сорап-сорастырыўға да ўақыт таппайды. Айтайық, азаннан кешке шекем базарда отырған аналар қызына кемшиликсиз, байлық жыйнаўды ойлайды да, әдеп-икрамлылығы, қәйин ене, қәйин ата, күйеў, қәйинбийке мүнәсибети, үй-руўзыгершилик тутымы менен баратуғын жерди разы ете ала ма, деп сораўдың орнына тийкарғы қыялы базарда көретуғын пайдасында болады. Улын тезирек үйлендирип, әрманы орынланыўын, мойнындағы ўазыйпасын орынлап қойыўды ойлайтуғынлар улы шаңарақ жуўапкершилигин аңлады ма, ата болыўға таяр ма, жаңа шаңарақ жүгин көтере ала ма, деген сораўларды алдына қоймайды.
Сабырсызлықтан шырт-шырт үзилип атырған байланыслар, жалынып қалған тири жетим перзентлер, нызамсыз некелер ҳәм басқа да кеўилсиз жағдайлар Жаратқанның инаяты, мәмлекетимиз нызамы менен қурылған муқаддес сарайларды аңсат қулатып атырғаны ҳақыйқат. Жигитлер өз перзентин мөлтиретип турып, Алланы ғәзеплендиретуғын, шаңарақты бузыўшы сөзди ҳаялы ямаса биреўге ерекисип тилге алып қояды. Буның сораўы бул дүньясы о дүньясы қатты болатуғынын бир мәўлет ойлап та көрмей атыр. "Бул болмаса, басқасы", дейтуғынлар, тилекке қарсы, үлкенлер арасында да көп бақланбақта.
Мине, булардың ҳәммеси айырым шаңарақларда тиришилик жолында ул-қызлардың мәнаўиятын байытып барыў имканиятын иске асыра алмай атырғаны, жүрис-турысы, руўхый дүньясы менен қызықсынбай атырғаны, сабырлылыққа, турмыс жолларындағы тосқынлықларды шыдамлылық ҳәм ерк-ықрар менен жеңип өтиўге үйрете алмай атырғаны, ана қызына, әке улына жақын сырлыс болып, миллий қәдириятларды сиңдирип, өзи ибрат бола алмай атырғаны ақыбетин де деп ойлайман.
Уламалардан бири "шаңарақлық тәрбия, ата-аналар ушын, ең дәслеп, өзин-өзи тәрбиялаў демек", дегенинде қаншелли дурыс еди. Бүгин өзимизди өзимиз тәрбияламасақ, ертең кеш болатуғынын бир ойлап көрейик, заманлас!
Хадичахон КАРИМОВА,
"Оқила аёллар" ҳәрекетиниң ағзасы