Шавкат Мирзиёев Мьянма басшысына кеўил билдириў хатын жоллады

    Ҳүкимет 30 наурыз 2025 612

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Мьянма аймағында жүз берген күшли жер силкиниў ақыбетинде көплеген инсанлар қайтыс болғаны ҳәм жарақатланғаны, үлкен зыян көрилгени мүнәсибети менен Мьянма Аўқамы Республикасы Мәмлекетлик басқарыў кеңесиниң баслығы Генерал Мин Аунг Ҳлаинге кеўил айтыў хатын жоллады.

    Бул ҳаққында Өзбекстанның Бангкок қаласындағы Бас консулханасы хабар берди.

    Мәмлекетимиз басшысы усы аўыр ҳәм қайғылы демлерде қурбан болғанлардың шаңарақ ағзаларына ҳәм барлық жақынларына, Мьянма халқына терең кеўил билдирди.