Бул жетекши қаржы институты менен стратегиялық шерикликти және де кеңейтиўдиң әҳмйиетли мәселелери көрип шығылды.
Кейинги жылларда Банк пенен бирге ислесиўдиң унамлы пәти қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Жойбарлардың улыўма портфели 5 миллиард доллардан аслам болып, нефть-химия, энергетика, телекоммуникациялар, инфраструктура, жеңил санаат ҳәм басқа да бағдарларды қамтып алған.
Энергетика, транспорт, ИТ инфраструктураны раўажландырыў, денсаўлықты сақлаў системасын модернизациялаў ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда улыўма баҳасы 10 миллиард доллардан аслам болған жаңа жойбарларды сапалы таярлаў ҳәм басланған жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Социаллық тараўда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын қоллап-қуўатлаўға инвестицияларды кеңейтиў, жеке меншик секторды раўажландырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Өз гезегинде, басқарыўшы Нобумицу Хаяси шерикликтиң нәтийжелерин жоқары баҳалап, Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар бағдарламасын қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.