Өзбекстан жасларын қутлықлаў ҳәм қоллап-қуўатлаў ушын бул жерге Президент Шавкат Мирзиёев келди.

Конгресс орайына киреберисте жаслардың түрли тараўлардағы жойбарлары, ойлап табыўлары ҳәм жетискенликлери таныстырылды. Мәселен, "Жас инноваторлар" көргизбесинде инженерлик, санлы технологиялар, жасалма интеллект, ушыўшысыз қурылмалар көрсетилген. "Жасыл" басламалар" майданшасында экология, альтернатив энергетика, аўыл хожалығы сыяқлы тараўларға байланыслы қолланбалар көрсетилген. "Креатив жойбарлар" бөлиминен өнерментшилик, дизайн, сүўретлеў өнери, видео ҳәм продюсерлик жумысындағы жетискенликлер орын алған. "Жаслар исбилерменлиги ҳәм стартаплар" майданшасында бул бағдардағы табыслы жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилген.

Атап айтқанда, ташкентли Рустам Ҳамдамовтың “Billz” бағдарламасы киши ҳәм орта бизнести автоматластырыўға жәрдем береди. Ҳәзирге шекем бул жойбарға Уллы Британия, Сингапур, Түркия исбилерменлери 6 миллион 600 мың АҚШ доллары муғдарында инвестиция киргизген.

Қарақалпақстанлы жас фермер Шерзод Ниязимбетов органикалық помидорлар жетистирип, қуяшта кептирип, қадақлап, Италия ҳәм Франция сыяқлы мәмлекетлерге экспорт етпекте. Оның кәрханасында 200 ге шамалас хызметкер жумыс ислемекте.

Өзбекстан Президентиниң 2019-жылдағы қарары менен шөлкемлестирилген Жаслар академиясы бүгинги күнде 7 мыңнан аслам жас илимпазларды бирлестирген. Көргизбеде олар ушын кең орын ажыратылған. Ташкентли Сайфулло Қодиров егислик майданларын санлы карталастырыў ҳәм жоқарыдан дәри себиў имканиятын беретуғын дронлар ислеген.

Илимпазлар арасында "Санлы әўлад қызлары" таңлаўының жеңимпазлары көп екенлиги де дыққатқа ылайық. Хорезмли Лобар Абдуллаева онкологиялық кеселликлерге жасалма интеллект арқалы диагноз қойыўға мөлшерленген “AI Scan” бағдарламасын ислеп шыққан. Қарақалпақстанлы Қумара Сагидуллаева қуяш энергиясында жүретуғын киши трактор, ташкентли Абдуллоҳ Жамолиддинов бағды автомат суўғарыў системасын ойлап тапқан.

Мәмлекетимиз басшысы бул презентациялар менен танысып, олардың интакерлери менен сөйлести.

- Жасларымыздың ҳәр бир табысы биз ушын күш-қүдирет, мәмлекетимиз келешегине таяныш. Бүгин перзентлеримиз заманагөй бағдарларды ийелеп, бираз илгерилеп кетпекте. Оларды қоллап-қуўатласақ, сапалы билим берип, шараят жаратсцақ, буннан да үлкен нәтийжелерге ериседи, - деди Шавкат Мирзиёев.

Жуўапкерлерге ойлап табыўшы жасларды тийисли министрликлерге бириктирип, жойбарларын раўажландырыў бойынша көрсетпе берилди.

Елимизде бундай талантлы ул-қызлар көп. Бул билимлендириў тараўына, әсиресе, STEAM бағдарларына қаратылып атырған итибардың нәтийжеси. Соңғы жыллары математика, физика, химия ҳәм мәлимлеме технологияларына қәнигелескен көплеген мектеплер шөлкемлестирилди. "Бир миллион программист" жойбары шеңберинде 325 мың жигит-қыз оқытылды.

Жас исбилерменлер шөлкемлестирген 261 кәрхананың жыллық айланысы 100 миллиард сумнан асқан. Стартапларды қаржыландырыўға 145 миллион доллар венчур инвестиция киргизилген.

Байрам мүнәсибети менен өткен ушырасыўда Президентимиз жаслар ушын және де кең имканиятларды белгилеп берди.