Шахмат: Жавоҳир Синдаров " TePe Sigeman" супертурниринде жеңимпаз болды

    Спорт 28 мамыр 2025 1127

    Швецияның Мальмё қаласында өткерилген ири халықаралық шахмат турнири өз жуўмағына жетти.

    Атап өтилиўинше, усы жылдың 20-26-май күнлери Швецияның Малмё қаласында өткерилген "TePe Sigeman & Co" супертурниринде Жавоҳир Синдаров жеңимпаз болды.

    Өткерилген ойынлар нәтийжесине бола 19 жасар Синдаров биринши орынды ийеледи. Шахматшы жети күшли қарсыласлары менен сыйлы орынлар ушын гүрес алып барды ҳәм бирде-бир жеңилиске ушырамай, 7 турда 4,5 очко топлады.

    Усы нәтийже менен Жавоҳирдиң очколары саны 4,5 ке жетти. Параллел түрде, екинши орында баратырған түркиялы Ягиз Эрдогмус та өз қарсыласы, нидерландиялы Эрвин ЛЪАми менен теңбе-тең ойнаған. Нәтийжеде, турнирде Жавоҳир Синдаровты очколар бойынша қуўып жетиўге ҳеш бир қарсыласта имканият қалмады.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates