Халықаралық шахмат федерациясының (FIDE) мағлыўматына бола, 16-январь - 1-февраль күнлери Нидерландияның Вейк-ан-Зейе қаласында өткерилген 88-турнирде өзбекстанлы гроссмейстер Нодирбек Абдусатторов жеңимпаз болды, деп хабар бермекте "Дунё" МА. Чемпионлық ушын гүрес соңғы, 13-турға шекем интрига дәрежесинде даўам етти. Финал басқышы алдынан бир ўақыттың өзинде бес қатнасыўшы, соның ишинде, Өзбекстан ўәкили де жеңимпазлыққа даўагер болды. Турнир жуўмағында Абдусатторов жоқары дәрежедеги шеберлик ҳәм турақлы ойын көрсетип, алдынғы үш урыныстан соң биринши мәрте бас сыйлықты қолға киргизди ҳәм бәрқулла жетекшилер қатарынан орын алды.
Екинши орынды және бир өзбекстанлы гроссмейстер, жақында жәҳән кубогиниң ең жас ийеси болған Жавоҳир Синдаров ийеледи. 13-тур жуўмақлары бойынша ол 8,5 очко (4 жеңис ҳәм 9 теңбе-тең) топлады ҳәм Masters топарында турнирди бирде-бир жеңилиссиз жуўмақлаған бирден-бир қатнасыўшы болды.
Жарыста дүньяның ең күшли шахматшылары, перспективалы жаслар, интеллектуаллық спорттың көплеген ықласбентлери қатнасты.
Чемпионлық ушын гүрес соңғы, 13-турға шекем интрига дәрежесинде даўам етти. Финал басқышы алдынан бир ўақыттың өзинде бес қатнасыўшы, соның ишинде, Өзбекстан ўәкили де жеңимпазлыққа даўагер болды. Турнир жуўмағында Абдусатторов жоқары дәрежедеги шеберлик ҳәм турақлы ойын көрсетип, алдынғы үш урыныстан соң биринши мәрте бас сыйлықты қолға киргизди ҳәм бәрқулла жетекшилер қатарынан орын алды.