Өзбекстанға бәҳәр халқымыздың сүйикли шайыры Зулфия туўылған сәнеси менен бир ўақытта кирип келеди. "Ҳәр бәҳәрде сол болар тәкирар, Ҳәр бәҳәр де солай өтеди". Өзбекстан халық шайыры Зулфия Исроилова 110 жыл бурын бәҳәрдиң биринши күни Ташкенттеги Ўқчи мәҳәллесинде туўылған.
"Бахытым сол - өзбектиң Зулфиясиман", деп миллетимизди ҳәўижли перделерде жырлаған шайырдың поэзияға, сөзге, әдебиятқа муҳаббаты балалығында шаңарағындағы орталық себепли пайда болған болса, әжеп емес. Бунда, әсиресе, анасы Хатийшабегимниң орны үлкен.
"Анамның қаншадан-қанша қосық ҳәм әпсаналарды билетуғынына ақылымызға сыймайтуғын еди. Бул сыйқырлы әпсаналар ҳәм дәстанлар бизге шексиз рәҳәт бағышлайтуғын, өзине тартып алатуғын, ҳәр сапары жаңадан сәўлеленетуғын еди. Ҳәзиргидей жарық дәўирде жасаса, анам я шайыр, я илимпаз болар еди. Соның менен әжайып нәрселерди жаратыўға уқыплы, дүньяны кеңнен ашыўшы, инсанды гөззаллыққа жетеклеўши сөзге қызығыўшылық сезимин мениң қәлбимде мектеп көрмеген мине усы анам оятқан еди", деп жазған еди жазыўшы өз өмирбаянында.
Зулфия қайтыс болған жылы 25-26 жасар нәўқыран жигит едим. Баспасөз, атап айтқанда, журналистика нанын татып атырғаныма бир неше жыл болғанына қарамастан, шайырды көриў, бир заман болса да, сәўбетлесиў, үгит-нәсиятларынан пайдаланыў несип етпеген. Бирақ оның менен бирге ислескен, ана-бала, устаз-шәкирт тутынған, шайырдың етегинен беккем услаған тулғалардың гүрриңин, шийрин еске түсириўлерин тыңлағанман. Ол ҳаққындағы жазыўларды нәзерден шетте қалдырмастан бақлап барыўға ҳәрекет етемен.
Өзбекстан Қаҳарманы, халық шайыры Эркин Ваҳидовтың 1984-жылы жазылған "Шайраның өмир қосығы" мақаласында төмендеги сөзлерге көзим түсти: "Зулфияны шайыр еткен өзиниң дәртли тәғдири ҳәм бул дәртли тәғдир ҳаққындағы шын кеўилден ҳәм күшли даўысы. Уллылардан бири айтқан екен: "Шайырды дәрт жаратады ҳәм бул дәрт поэзия ушын қуўаныш болады". Бул сөзлер пүткиллей шайыр Зулфияға тийисли. Шайырды дүньяға келтирген уллы дәрт өз тәсири болған уллы бахытты да дөретти. Бул уллы бахыт толығы менен халық ҳәм поэзияники. Поэзия әлемине ҳәр бир дөретиўши өз қосығы менен кирип келеди. Зулфия поэзияға опадарлық қосығы менен кирди. Ҳәм бул қосық ҳаял садықлығының жоқары намасына айланды... Зулфия сыяқлы тулғалар халықтың бахыты болып жаратылады. Бул бахыт, бәринен бурын, өзбектики, Өзбекстандики, соңынан болса дүньяники".
Өзбекстан Қаҳарманы, сыншы Ибраҳим Ғафуров болса былай дейди: "Зулфияның келбетинде сөз бенен аңлатылмаған, айтылмаған қәдириятлар шамасы, айтылған ҳәм аңлатылғанларынан шексиз көп. Оны өртеген, кыйнаған, аўыр азаплар қыспағына салған жағдайлар - оны еркелеткен, хүрметлеген, ардақлаған, поэзия гүлтажын басына кийгизген жағдайлардан көбирек еди.
Шадлықта қайғы, қайғыда шадлық аралас еди. Ҳәм буған сол заманда шара, даўа, мәдат жоқ еди. Ол "бирлик, дослық бар жерде раўажланыў бар", деп өтти. Соңында: "Ҳақыйқат устазым - өмирдиң өзи еди", деди ҳәм бахытлы, минсиз, мерўерттей балалығына қайтты. Және он жети жастағы өзиниң "өмир бетлери"не пүткиллей садық қалды. Дөңбек жулдыз балалығының мөлдир аспанына көтерилди".
Дүньяға белгили қырғыз жазыўшысы Шыңғыс Айтматов та Зулфияханым дөретиўшилигиниң ықласбенти болғанын жасырмайды. Оның бир мақаласында төмендегилерди оқыў мүмкин: "Өзбек шайыры Зулфияның қутлы қәдеми себепли Шығыс әдебиятына көркем өнер ийеси ҳаял кирип келди, жас ҳәм талантлы шайырлардың пүткил бир плеядасының ҳаўазы жарқырап жаңлай баслады. Зулфия тек өз қосықларында сәўлеленген толық ҳаял емес, ал ол жетик шахс болып табылады. Өз заманында қәлиплесип, камалға келген шахс. Поэзия Зулфия ушын ҳеш қашан тек ғана шынығыў болған емес".
Журналдың ийеси
Марҳум кемпир апам кирилл, латын, ески өзбек, араб жазыўларындағы жазыўларды бирдей оқыйтуғын еди. Өмириниң ақыры - 84 жасына шекем қолынан газета-журнал, китап түспеген. Үйимизге күнделикли газеталар қатарында "Шарқ юлдузи", "Муштум", "Саодат" журналларының ҳәр бир саны үзликсиз келип туратуғын еди. Олардың биринши оқыўшысы кемпир апам, соң әкем, соң бизлер болатуғын едик.
Ядымда: әкем газеталарға жазылатуғын еди. Почтальон оларды ҳәр күни есигимиздиң саңлағына қыстырып кететуғын еди. Ал журналларды болса мәҳәллемиз гүзарындағы – кемпир апамның тили менен айтқанда - "киоскадан" мен алып келетуғын едим. Айдың басында кемпир апам әкеме "Улыңды "киёска"ға жиберип ал, журналлар келген шығар", дейтуғын еди. Бул - "пулын бер", дегени еди. Мен алып келетуғын журналлар арасында, әлбетте, "Саадат" та болатуғын еди.
10-11 жасларда болсам керек, бир күни "Саодат"ты қолыма алып, муқабасындағы белгили ҳинд актрисасы ҳәм ишки бетлериндеги "Азия, Африка ҳәм Латын Америкасы мәмлекетлериниң Ташкент халықаралық кинофестивалы" ҳаққындағы мақалаға қосымша етилген реңли сүўретлерди узағырақ қарап қалыппан. (Бул жаста қайсы бала мақала текстин оқыйды, тек сүўретлерди көреди-дә).
- Көп сүўретлерге қарай бермей, жазылғанларын да оқысаң-о, бала, - деди қасымда басқа басылымды көзден өткерип атырған кемпир апам. - Мынаў жақсы мақалалар, қосықларды оқысаң, ақылың киреди. Саған келетуғын "Ғумша", "Гулхан"лар өз алдына. Бул журнал Зулфияханымдики! Мине, қара...
Кемпир апам бармағы менен көрсеткен жер - журналдың ақырғы бети төменги мүйешинде "Редактор Зулфия Исраилова" деген жазыўға көзим түсти.
- Апа, "редактор" деген не?
- Редактор усы журналдың ийеси ғой.
Соннан кейин басқа да басылымлардың ийеси ким екен деп қызығатуғын болдым. Жасым үлкейген сайын, арадан 4-5 жыл өтип, өзим де бир нәрселерди жазатуғын болған сайын газета ҳәм журналлардың абырайында олардың ийеси үлкен әҳмийетке ийе екенин, халық, оқыўшы, қарыйдар меҳирине ерисиўинде редактор шеберлиги ҳәм мәртлиги жетекши орында екенин аңлай басладым.
Сол мәнисте, узақ балалық ўақтымда көз ашқан ой-пикир менен "Саодат"тың узақ жыллардан берли тек ғана ҳаял-қызлар емес, ал халқымыз ушын сүйикли болып киятырғаны тийкарында Зулфияханымның шахсы жәмленген, дегим келеди.
"Көзлеримде жанар жанлы от"
Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий бағы аймағында әжайып поэзия бағы жаратылған. Бул - саўлатлы Жазыўшылар қыябаны комплекси. Масканға келетуғын илимпазлар, дөретиўшилер, жаслар, кекселер, басқа да кәсип ийелери әтирапқа өзгеше руўх бағышлап атырған уллы устазларымыздың ой-пикир дүньясына, руўхый мийрасына ҳәм өмирине жаңаша қызығыўшылық, меҳир-муҳаббат пенен мүрәжат етеди. Олардың өмири ҳәм дөретиўшилиги темасы қыябанда өткерилип атырған поэзия кешелери, мәнаўият саатлары, шеберлик сабақлары, дөгерек сәўбетлери, музыка кешелеринде жарқын жаңлайды.
Бул жерге естелиги қойылған уллы жазыўшылардың қатарында Зулфияханым да бар. Жазыўшы қосықларын халқымыз, өзбек ҳаял-қызлары баўырына басып, сүйип оқыйды. Зулфияханымға уқсамақшы, оған ҳәўес етеди. Жарық, дәртли қатарларынан өз дәртлерине мәлҳәм алады. Шайыр мине усындай - сөз себепли миллионлаған инсанлардың қәлбинде муҳаббат оятыўға ерискен.
Сөз уллы жемис екенин шайыр дөретиўшилиги арқалы, шәкиртлери ҳәм ықласбентлерине, келешек жас әўладларға жалынлы муҳаббат ҳәм ҳижран азабын жырлаўда қайралған өткир қәлеми менен дәлилледи. 1944-жылы халқымыздың жалынлы шайыры, ўатан ҳәм муҳаббат жыршысы Ҳамид Алимжандай өмирлик жолдасынан айрылды. Зулфияның өмирлик жолдасы естелигине бағышлап жазған "Өмир жилўасы", "Ерик гүллегенде", "Қыяллар", "Сағыныш" ҳәм басқа да топламларынан орын алған қосықлары сезимлер, философиялық улыўмаластырыўлар өмирге муҳаббат руўхы менен суўғарылған қосықлар дүркинине киреди.
Айтады-ғо, сени көргенде
Көзлеримде жанар жанлы от,
Сол оттың жалынларында
Сеннен басқа бар нәрсени умыт.
Мудам жүрекке садық көзлерим
Ҳақыйкатлықты көмиўи қыйын.
Көзлеримде, қанымда жүрген
Сол қуўаныш, сол жалын сен.
"Өмир бетлери" атлы дәслепки китабы менен Ҳамид Алимжандай шайырдың итибарына түскен Зулфияханым өз дәртлерин өзи арқалаған ҳалда өзгелер бахытынан бахытлы болып жасады.
2017-жыл ноябрьде мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Жиззақ қаласында дөретиўшилик жуплықтың өмири, дөретиўшилиги, жумысы ҳәм садықлығының тымсалы сыпатында белгили ҳәм талантлы шайырлар - Ҳамид Олимжон ҳәм Зулфияның естелик музейи ашылды. Сондай-ақ, ўәлаятта олардың атында дөретиўшилик мектеби шөлкемлестирилди. Буннан тысқары, Өзбекстан Кинематография агентлигиниң буйыртпасына бола 2022-жылы Ҳамид Олимжон ҳәм Зулфия өмирине бағышлап "Муҳаббат бәҳәри" көркем фильми сүўретке алынды.
Әрманлардың орынланыўы
Елимизде ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, ҳәр қыйлы тараўда имканиятларын жүзеге шығарыўы ушын шараят жаратыў, жәмийетлик турмыста белсендилик көрсетип атырған ҳаял-қызларды мүнәсип хошаметлеў бағдарында избе-из реформалар әмелге асырылмақта. Ҳаял-қызларға түрли тараўларда жеңиллик ҳәм имканиятлар жаратыў ушын көплеген басламалар әмелге асырылмақта. Бул басламалар ҳаял-қызлардың социаллық, экономикалық, мәдений ҳәм сиясий турмыста белсене қатнасыўын тәмийинлеўге қаратылған. Имканиятлар хошаметке айланып, барлық тараўда ҳаял-қызлардың үлеси, белсендилиги артып бармақта.
Соның ишинде, Зулфия атындағы мәмлекетлик сыйлық шөлкемлестирилип, ҳәр жылы 8-март - Халықаралық ҳаял-қызлар күни байрамы алдында қәбилетли қызларға тапсырылатуғыны мине усы итибардан дәрек береди. Бул сыйлық әдебият, мәденият, көркем өнер, илим, билимлендириў тараўларындағы айрықша жетискенликлери ушын бериледи. Сыйлық ийелери болған мектеп, лицей, колледж оқыўшылары таңлаған бағдары бойынша жоқары оқыў орынларына имтихансыз қабыл етиледи.
2017-жылға шекем бул сыйлық пенен ҳәр бир аймақтан 1 ден жәми 14 жасқа толған ҳәм 22 жастан аспаған қәбилетли ҳаял-қызлар сыйлықланған болса, 2018-жылдан қәбилетли қызлардың қатарын кеңейтиў, белсендилигин арттырыў мақсетинде ҳәр бир аймақтан 2 ден жәми 28 қәбилетли ҳаял-қыз сыйлықланбақта ҳәм жас шегарасы 22 жастан 30 жасқа шекем узайтылды.
2024-жылы бул сыйлық пенен сыйлықлаў процеси және де жетилистирилди. Атап айтқанда, мәмлекетимиз басшысының 2024-жыл 7-февральдағы тийисли пәрманы менен ҳаял-қызлар арасында санлы көнликпелерди қәлиплестириў, мәлимлеме технологиялары тараўы, соның ишинде, IТ хызметлерин көрсетиў, программалық өнимлерди ислеп шығыўдағы үлесин арттырыў, мәлимлеме технологиялары бағдарында айрықша жетискенликлерге ерискен қәбилетли қызларды мүнәсип сыйлықлап барыў мақсетинде мәлимлеме технологиялары бағдары 8-бағдар етип киргизилди. Демек, 2025-жылы биринши мәрте мәлимлеме технологиялары бағдары бойынша Зулфия атындағы мәмлекетлик сыйлық мүнәсиплерге тапсырылады.
Шөлкемлестирилгенинен берли усы күнге шекем сыйлық пенен жәмийетлик белсендилиги ҳәм таланты менен заманласларына өрнек болып киятырған 452 қәбилетли ҳаял-қыз сыйлықланған. Шөлкемлестирилгенине шерек әсир болған бул сыйлық ийелериниң бүгинги күндеги жумысы, жетискенликлери де салмақлы.
Тек ғана спорт бағдарында усы сыйлықтың ийеси болған Диёра Келдиёрова "Париж-2024" XXXIII жазғы Олимпиадасында алтын медальды, Светлана Осипова гүмис медальды қолға киргизип, Өзбекстан тарийхында жаңа бет ашты. Сондай-ақ, және көплеген ҳаял-қызларымыз Азия, жәҳән ҳәм басқа да абырайлы халықаралық жарыслар менен таңлаўлардың жеңимпазлары.
Бүгин сыйлы орын ийелериниң 20 дан асламы түрли министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлерде түрли басшылық лаўазымларында ислейди. Сыйлыққа ерискенлер арасында жергиликли кеңеслер, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлары бар екенлиги де әҳмийетли, әлбетте.
Халқымыздың ардақлы шайыры атындағы мәмлекетлик сыйлық қәбилетли қызларымыз ушын бийтәкирар хошамет, үлкен имканият болып қалады. Зулфияханым шайыр, жазыўшы, редактор болыў менен бирге үлкен жәмийетлик ҳәм сиясий ғайраткер де еди. Халық исеним билдирип, депутат етип сайлаған, ҳүкимет болса республика ҳаял-қызлар комитетиниң жәмийетлик тийкардағы баслығы ҳәм басқа да жуўапкершиликли ўазыйпаларды жүклеген еди. Шайыр, жәмийетлик ғайраткер сыпатында елимиздиң түрли аймақларында халық пенен ушырасыўларда, пикирлесиўлерде қатнасты, бир қатар сырт еллердеги халықаралық әнжуманларда қатнасты.
Тәғдир Шығыс ҳаялының ҳаўазын жәҳән минберине алып шығыў абырайы ҳәм машақатын Зулфияханымның мойнына жүкледи. Ҳаял сыпатында ҳаял-қызлардың турмысында ушырасып атырған машқалалар, оларды қыйнап атырған мәселелерге шешим табыў, ҳуқықларын тәмийинлеўге ерисиў ушын бар имканиятын иске қосты. Шайырдың заман талабы менен сол дәўирде әмелге асырылмай қалған үлкен әрманлары бүгин әмелге асып атырған болса, әжеп емес.
Нодир МАҲМУДОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы