Бүгин усы номинация жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Салтанатлы илажда, сондай-ақ, Өзбекстан бас министри Абдулла Арипов, тийисли министрлик ҳәм уйымлардың басшылары да қатнасты.

Сыйлы орын ийелерине Президент саўғасын Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Арипов ҳәм Президент жәрдемшиси Саида Мирзиёева тапсырды.

"Абу-Даби қаласында "Глобал орта мектеплер" номинациясы бойынша Шайх Зоид сыйлығы лауреаты болған Президент мектебиниң еки оқыўшысының ата-аналары ҳәм устазына Өзбекстан Республикасы Президенти атынан сыйлықты тапсырыўдан қуўанышлыман.

Бул жеңис барлық жасларымыз ушын үмит ҳәм илҳам белгиси болып есапланады. Биз Сиз бенен мақтанамыз!"- деп жазады Саида Мирзиёева.

Президент мектеби оқыўшылары ҳәм олардың устазына BYD автомобиллери де тапсырылды.