Қарарға муўапық, 2026-жыл 1-январьдан 2029-жыл 1-январьға шекемги дәўирде:

пиллешилик кластерлериниң пилле жетистириў ҳәм оны сақлаў ушын пайдаланылатуғын имарат ҳәм объектлери мүлк салығынан, олар ийелеген жер участкалары болса жер салығынан азат етиледи;

пиллешилик тараўындағы жумысынан алған дәраматлары усы есап бериў (салық) дәўири жуўмақлары бойынша жәми дәраматының кеминде 70 процентин қураған пиллешилик кәрханалары ушын пайда салығы 2 процент муғдарында белгиленеди;

жипек гезлеме ҳәм жипектен таяр өним ислеп шығарыўды жолға қойған кәрханалар ушын социаллық салық 1 процент ставкада белгиленеди.

Соның менен бирге, 2026-жыл 1-январьдан 2029-жыл 1-январьға шекемги дәўирде пилле қурты туқымын таярлаў ҳәм қуртханаларда пилле жетистириў бойынша мәўсимлик жумысларға тартылған халықтың усы жумыстан алған дәраматлары физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы ҳәм социаллық салыққа салыныў объекти сыпатында қаралмайды.