Шерзод Асадов BBC World News пенен және бирге ислесиў ҳәм журналистика стандартларын раўажландырыў мәселелерин додалады

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң баспасөз хаткери Шерзод Асадов 28-ноябрь күни BBC World News телеканалының Евразия мәмлекетлери бойынша ўәкили Сергей Становкин менен ушырасыў өткерди.

    "Соңғы ушырасыўымыздан берли өткен ўақыт даўамында BBC менен биргеликте 10 ға шамалас жойбар әмелге асырылды. Бул сырт ел жаңалықлар телеканалы ресурсларында Бухарадағы заманагөй көркем өнер бийенналеси, ЮНЕСКОның Самарқандтағы Бас конференциясы сессиясының илажлары ҳәм Өзбекстандағы басқа да әҳмийетли ўақыялар жедел сәўлелендирилди", - деди Шерзод Асадов.

    Сөйлесиў ўақтында бирге ислесиўдиң келешектеги режелери додаланды. Санлы дәўир қәўип-қәтерлери ҳәм жасалма интеллект технологияларының жедел тарқалыўы шараятында жуўапкершиликли журналистикани раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.

    Журналистлердиң кәсиплик стандартларын және де күшейтиў, фактчекинг, таллаў ҳәм медиасаўатлылық көнликпелерин арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates