Шерзод Шерматов "Санаат, инновация ҳәм инфраструктура" (SDG9) бойынша биргеликтеги баслық етип сайланды

    14 ақпан 2025 376

    Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов "Санаат, инновация ҳәм инфраструктура" (SDG9) бойынша биргеликтеги баслық етип сайланды.

    Бирлескен Араб Әмирликлериниң Дубай қаласында болып өтип атырған World Government Summit халықаралық әнжуманы шеңберинде «Global Councils On SDGs» темасындағы сессия шөлкемлестирилди.

    Онда Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов шығып сөйледи.

    Бул сессияда БАӘ Ҳүкиметти раўажландырыў ҳәм келешек бойынша мәмлекетлик министри, ТРМ Глобал Кеңеслериниң Президенти Охуд Халфан Ал Роуми сөзге шығып, мәмлекетлерди Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде ең жақсы шешимлерге, өз-ара халықаралық бирге ислесиўди күшейтиўге ҳәм ўақытты нәтийжели бөлисиўге итибар қаратыў зәрүрлигин атап өтти.

    Сондай-ақ, ол Шерзод Шерматов 2026-жылдың ақырына шекем Кеңестиң Турақлы раўажланыў мақсети "Санаат, инновация ҳәм инфраструктура" (SDG9) бойынша жәрдемши баслығы етип сайланғанын жәриялады.

    SDG9 - бул Бирлескен Миллетлер Шөлкеми (БМШ) тәрепинен 2015-жылы қабыл етилген Турақлы раўажланыў мақсетлери (SDGs – Sustainable Development Goals) қурамына киреди.

    SDG9 глобал көлемде санааттың раўажланыўын қоллап-қуўатлаў, инновацияларды хошаметлеў ҳәм инфраструктураны жақсылаў арқалы экономикалық өсиўге үлес қосыўды мақсет еткен.

    Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов бүгинги күнде санлы экономиканың өсиўи барған сайын жедел пәтлерде даўам етип атырғаны, раўажланып атырған мәмлекетлер алдыңғы технологияларды нолден енгизиў арқалы тезирек раўажланыў имканиятына ийе болыўы, бул процессте халықаралық бирге ислесиўдиң орны шексиз екенин атап өтти.

    "Сондай-ақ, бүгинги дүньяда демографиялық өзгерислер үлкен әҳмийетке ийе болып атырғаны, раўажланған мәмлекетлерде халықтың саны қысқарып, қартайыў процеси даўам етип атырған болса, раўажланып атырған мәмлекетлерде халықтың өсиў пәти жоқары.

    Бул болса мийнет базарында үлкен өзгерислерди келтирип шығармақта. Жумысшы күшине талап артып атырған бир ўақытта, көплеген мәмлекетлерде миграция бойынша илажлар көрилмекте. Соның ушын, раўажланып атырған мәмлекетлер аралықтан ислесиўди кеңейтиў, БПО ҳәм КПО хызметлериниң имканиятларын арттырыў жүдә әҳмийетли," - деди министр Ш. Шерматов.

    Сондай-ақ, министр оған параллель түрде раўажланып атырған мәмлекетлерде онлайн билимлендириў платформаларын раўажландырыў да тийкарғы ўазыйпалардан бири екенин қосымша етти. Барлық жаслар алдынғы билимлендириў ресурсларына кириў имканиятына ийе болыўы керек екенлигин атап өтти.