Онда еки мәмлекет арасындағы санлы технологиялар, стартаплар ҳәм ICT инфраструктурасын раўажландырыўға қаратылған бирге ислесиў жойбарлары додаланды.
Ушырасыў алдынан министр Корея Эксимбанки Өзбекстанның ICT инфраструктурасын ҳәм санлы экономиканы раўажландырыўда көрсетип атырған турақлы жәрдемине айрықша итибар қаратты.
—Корея бизиң әҳмийетли бирге ислесиўшимиз болып, санлы технологиялар тараўындағы тәжирийбеси ҳәм қоллап-қуўатлаўы биз ушын үлкен әҳмийетке ийе. Мақсетимиз Өзбекстанда санлы хызметлерди жақсылаў, жасларға мүнәсип жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықаралық көлемде бәсекиге шыдамлы мәмлекетке айланыў, – деди министр Ш.Шерматов.
Ум Сунг-Ёнг өз гезегинде, Кореяның санлы тараўда жаратқан табыслы системалары ҳәм жойбарларын Өзбекстанға енгизиў имканиятлары бағдарында келешектеги режелери ҳаққында тоқталып өтти. Сондай-ақ, жойбарлар Өзбекстанда жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм санлы экономикада жоқары дәраматлы жумыс орынларын жаратыўда үлкен әҳмийетке ийе екенин қосымша етти. Соның менен бирге, Корея менен биргеликте Өзбекстанның санлы мәмлекетлик хызметлерин модернизациялаў усынысы берилди.
Ушырасыў даўамында еки тәреп елимизде санлы экономика ҳәм ICT инфраструктурасын раўажландырыўға қаратылған жаңа жойбарларды әмелге асырыў бойынша мәселелерди додалады. Бул жойбарлар, әсиресе, IT билимлендириў, стартап экосистемасын жетилистириўге қаратылған.