Шаңарағымызда электр өшип қалса, дәрриў мобил қосымшаға кирип, төлеўге әдетлендик. Буның ушын биреўге шағым етпеймиз, светти жағыў ушын пайдаланған хызметимизге ҳақы төлеўимиз зәрүрлигин жақсы билемиз. Бул базар экономикасы талаплары, қалаберди, коммуналлық төлемлер толық санластырылғанының жемиси. Бундай заманагөй төлем системалары ҳәммемиз ушын қолайлы. Соның менен бирге, хызметке жараса төлеў мәдениятын да қәлиплестиреди.

Бул бағдарда жаңа ҳәм заманагөй механизмлер ғалаба ен жайдырылып атырғанының себеби сонда. Мәселен, күни кеше бир танысым электр энергиясынан үзилип қалғанын, бирақ қанша урынса да төлей алмағанын, себеби, оған шеклеў орнатылғанын айтты. Кейин билсе, шығынды төлемлеринен қарызы барлығы себепли электр төлеми шекленген екен. Сәл бурынырақ бул ҳаққында ескертиў хабарын алғанын да еследи.

Ҳәзир мәмлекетимизде шығындыдан қарызы бар абонентлердиң электр энергиясы ушын төлемлерине шеклеў қойылып атырғанынан көпшилик хабардар. Дәслеп бул тәртип 2025-жылдың 5-ноябрьинен Ташкент қаласында әмелиятқа енгизилген еди. Мағлыўматларға қарағанда, процесстиң биринши ҳәптесиниң өзинде дерлик 25,1 мың адамға 2,24 миллиард сумлық қарыздарлық ҳаққында СМС-хабарнама жиберилген. Соннан 6 мың абонентке 5 күнлик мүддет жуўмақланғаннан соң электр энергиясы төлемлерине шеклеў орнатылған. Өткен жылдың декабрь айынан болса жаңа система пүткил Өзбекстан бойлап ислей баслады.

Система қарыздарлықларды автомат тәризде дизимге алады ҳәм бул мағлыўматлар ҳәр айдың 3-сәнесине шекем Шығындыларды басқарыў агентлигиниң "Таза мәкан" биллинг электрон системасында қәлиплестириледи. Соң қарыздар абонентлер ҳаққындағы мағлыўматлар "Аймақлық электр тармақлары" АЖның биллинг системасына жибериледи. Халықтың шығындыдан қарызы бар болғанда, көпшилик түсинип атырғанындай, электрден үзилмейди, ал оған төлем етиўге шеклеў орнатылады. Бирақ шеклеў орнатыўдан алдын қарыздарлар тийисли тәртипте ескертиледи. Жазылған дизим тийкарында абонентлерге ҳәр айдың 5-сәнесине шекем "Аймақлық электр тармақлары" АЖның 2100 қысқа номери арқалы қарыздарлығы бойынша СМС хабарнама жибериледи. Буннан кейин абонентке қарыздарлықты сапластырыў ушын 5 күн қосымша мүддет бериледи.

Усы тәртип тийкарында қарыздар халыққа ҳәр айдың басында хабарнамалар жиберилип, белгиленген мүддетте төлемди әмелге асырмаған шаңарақларға электр энергиясы төлемлери ушын шеклеў орнатылмақта. Шығындыларды басқарыў ҳәм циркуляр экономиканы раўажландырыў агентлиги күни кеше февраль айы бойынша мағлыўматларды жәриялады. Онда көрсетилиўинше, усы жылдың февраль айының басында жаңа система арқалы елимиз бойлап 200 мыңға шамалас абоненттиң электр төлемине ўақтынша шеклеў орнатылған.

- Усы жылдың 5-февраль күни республика бойынша шығынды хызметинен улыўма 108,9 миллиард сум дебитор қарыздарлық ушын жәми 1 миллион 174 мың 686 абонент "Аймақлық электр тармақлары" АЖның 2100 қысқа номеринен жиберилген СМС хабарнама арқалы ескертилди, - дейди Экология министрлиги жанындағы Шығындыларды басқарыў ҳәм циркуляр экономиканы раўажландырыў агентлигиниң бас қәнигеси Умиджон Камолов. - Буннан соң абонентлерге бар қарыздарлығын сапластырыў ушын 5 күн мүддет берилди. Бул дәўирде 12,7 миллиард сумлық төлемлер әмелге асырылды. Елимиз бойлап қапланбай қалған улыўма 15,8 миллиард сум турмыслық шығынды хызмети қарыздарлығы ушын болса жәми 198 мың 858 абоненттиң электр энергиясы төлемине шеклеў орнатылды. Бул шеклеўлер қарыздарлық сапластырылыўы менен дәрҳал алып тасланады.

Қарыздарлықлар тийкарсыз ба?!

Бул жерде мақсет адамлардың электр токынан пайдаланыўында шеклеўлерди арттырыў емес, ал шығынды төлемлериниң өз ўақтында төлениўин тәмийинлеўге қаратылған. Бул тек ғана экономикалық емес, ал экологиялық мәселе де болып табылады. Себеби экологиялық қәўипсизлик, бәринен бурын, әтирапымызды таза сақлаўдан басланады, шығындылар болса көшелерди патасландырыўшы тийкарғы қураллар болып есапланады. Бул ҳаққында сөз болғанда, тиккелей аймақларды шығындылардан тазалаў машқаласы ортаға шығады. Қалаберди, олардың барған сайын көбейип атырғаны ҳәм шығындыларды қайта ислеў әҳмийетли мәселелерден бирине айланғаны сыр емес. Бул процесслер ең заманагөй технологиялар ҳәм үлкен қаржы талап етеди. Шығынды ушын төлемлерди өз ўақтында әмелге асырыў арқалы буған өз үлесимизди қосып барамыз.

Қалаберди, ҳәзир төлем етиў ушын күнлеп әўерелениў, тийисли мәнзилди излеп сергиздан болыўдың кереги жоқ. Ҳәмме нәрсе санластырылып атырған, электрон төлемлер ғалабаласқан дәўирде жасап атырмыз. Мобил қосымшалар арқалы буны аңсат ислеў мүмкин.

Бир ғана мысал, 2026-жылдың 1-январынан баслап мәмлекетимизде шығынды хызметлери ушын төлемлерди үйме-үй жүрип өндириў әмелияты пүткиллей тоқтатылды. Енди шығынды хызметлери ушын төлемлер физикалық ҳәм юридикалық тәреплер тәрепинен тек ғана онлайн тәризде барлық электрон төлем системалары арқалы әмелге асырылады. Төлемлер болса Санитариялық тазалаў кәрханалары тәрепинен есапланады. Онда олар анықлық ҳәм ҳақыйқатлық ушын жуўапкер болып, тек ғана көрсетилген хызметлер ушын төлемди есаплаўы нәзерде тутылған.

- Жаңа төлем системасының абзаллығы сонда, көрсетилген хызметке тариф тийкарында баҳа белгиленеди, - дейди Умиджон Камолов. - Бурын арнаўлы машиналар мәҳәллелердеги шығындыларды алып шықса да ямаса хызмет көрсетилмесе де халықтың жан басына төлем есаплана берген. Соның ушын көп адамлар көрсетилмеген хызмет ушын төлеўден наразы болатуғын еди. Енди бул тәртип өзгерип, төлем тек ғана хызмет көрсетиў санына қарап әмелге асырылмақта. Буның ушын шығынды тасыў техникасына GPS бақлаў системасы орнатылған ҳәм "Таза мәкан" бағдарламасы арқалы турақлы қадағалап барылады. Ҳәзирги күнде елимизде турмыслық шығындылар менен хызмет көрсетиў тараўында 50 санитариялық тазалаў кәрханасы жумыс ислеп келмекте. Олардың қарамағында шығынды тасыўшы 3 510 ға шамалас машина бар. Бул техника қуралларының онлайн бақлаў системасына жалғанғанлық дәрежеси 87 процентти қурайды. GPS қурылмасы машинаның ҳәрекети, тезлиги, ўақты, тоқтаўлар саны сыяқлы мағлыўматларды онлайн бақлап барыў имканиятын береди. Заманагөй механизмниң бул абзаллықлары санитариялық тазалаў хызметиниң сапасын, машиналардың қатнаўлар санын арттырыўға хызмет етпекте.

Жаңа система жолға қойылып, адамлардың шығынды төлемлери бойынша миннетлемеси арттырылғаннан соң, халықтың өз көшеси, мәҳәллесиндеги санитариялық тазалыққа талабы да артып бармақта. Бул талапшаңлық, бир тәрептен, экологиялық мәденият артып атырғаны, екинши тәрептен, қарыздарлық себепли электр төлемине қойылып атырған шеклеўлер менен байланыслы.

Гәп күни кеше социаллық тармақларда кең тарқалып, адамлардың итибарын тартқан усы темадағы хабар ҳаққында бармақта. Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитети шығындыдан қарыздарлық себепли электр энергиясына қойылып атырған шеклеўлер бойынша халық тәрепинен билдирилип атырған наразылықлар артып атырғанын мәлим етти. Атап өтилиўинше, комитет ҳәм оның аймақлық уйымларына 2025-жыл даўамында қатты турмыслық шығындыларды тасыў хызметлери бойынша 1 141 мүрәжат келип түскен болса, 2026-жылдың дәслепки айларында бул мәселе бойынша 850 ден аслам мүрәжат дизимге алынып, санлар сезилерли дәрежеде жоқары екени бақланған.

Мүрәжатларда, тийкарынан, шығындылардың өз ўақтында алып кетилмеўи, хызметлердиң сапасы төменлиги, шәртнама шәртлерине әмел етилмеўи, сондай-ақ, хызмет көрсетиўши кәрханалар тәрепинен тийкарсыз қарыздарлық есапланыўы ҳәм соның ақыбетинде пуқаралардың электр энергиясы төлемлерине шеклеўлер қойылғаны бойынша наразылықлар билдирилген. Үйрениўлер даўамында айырым аймақларда шығындыларды алып шығып кетиўдиң белгиленген минимал дәўирлилигине әмел етилмей атырғаны ҳәм пуқараларға тийкарсыз қарыздарлықлар есапланып атырғаны анықланған. Сол себепли, комитет тәрепинен тийкарсыз қарыздарлық жағдайлары бойынша электр тәмийнатына киргизилген ўақтыншалық шеклеўлерди қайта көрип шығыў бойынша Шығындыларды басқарыў агентлигине сораў жиберилгени айтылды.

Бул жағдай қарыздарлықларды қайта көрип шығыўға тийкар болыўы мүмкин, бирақ көпшилик күтип атырғанындай, жаңа система бийкар етилмейди. Себеби бул система әмелиятқа енгизилип, ислей баслағанынан берли шығынды төлемлери бойынша қарыздарлықлар сезилерли дәрежеде азайған. Қалаберди, бул адамлардың төлем мәдениятын арттырыў, шығындылар ҳәм қоршаған орталыққа болған мүнәсибетин өзгертиўге хызмет етпекте.

Жуўапкерлердиң атап өтиўинше, жаңа системада барлық процесслер ашық-айдын көрсетиледи. Ҳәр бир ўатанласымыз өз мәҳәллесиндеги шығынды тасыўшы машиналардың хызмет көрсетиў саны, тәртиби ҳәм усы бағдардағы басқа да барлық мағлыўматларды "Таза мәкан" бирден-бир электрон биллинг системасы арқалы бақлаў имканиятына ийе. Онлайн платформадан барлық абонентлер пайдаланыўы мүмкин. Заманагөй биллинг системасы бир қанша мәмлекетлик уйымлар менен идентификацияланған болып, пуқаралар “ONE ID” системасы ҳәм жеке есап бети арқалы арнаўлы қосымшаға кирип, биллинг системасынан өзине тийисли мағлыўматларды көре алады.

Неге әйне электр энергиясы?!

Тийкарында хызметке жараса төлеў принципиниң мәниси сондай, онда тутыныўшы да, хызмет көрсетиўши де бирдей миннетлемелерге ийе ҳәм ҳәр еки тәреп буны талап етиўге ҳақылы. Еркин базар экономикасындағы әдиллик ҳәм ашық-айдынлық усы тәризде қәлиплеседи. Дурыс, кемшиликлер жоқ емес, бирақ улыўма алғанда, жаңа система алдынғысынан бир қатар абзаллықларға ийе екени көзге тасланбақта. Шығынды тасыў хызметлериниң санластырылыўы, төлем системаларының онлайн түрге өткерилип, үйме-үй жүриў сыяқлы ески әмелияттан ўаз кешилгени, көрсетилген хызмет ушын төлем есаплаў сыяқлылар, бәринен бурын, адамлардың өзи ушын қолайлы ҳәм инсан мәплерине хызмет етеди.

Бул түсиникли. Бирақ шығынды төлемлери не ушын әйне электр энергиясы менен байланыстырылып атырғаны халықты көбирек ойландырып, ҳақылы наразылықларына себеп болмақта. Тийкарғы қолайсызлықлар да әйне электр төлемлерине қойылып атырған шеклеўлер себепли жүзеге келип атырғаны сыр емес.

- Бул тәжирийбе елимиз әмелиятында жаңалық болғаны себепли, халық арасында түсинбеўшилик ҳәм наразылықларды келтирип шығарып атырғаны рас, - дейди Шығындыларды басқарыў ҳәм циркуляр экономиканы раўажландырыў агентлигиниң бас қәнигеси Умиджон Камолов. - Айырымлар буны жазалаўшы илаж сыпатында баҳалап, мақсет тек ғана шығынды төлемлеринен қарыздарлықларды сапластырыўға қаратылған, деп баҳалап атырғанлар да бар. Бирақ тийкарғы мақсет заманагөй төлем системаларын енгизиў ҳәм хызметлердиң сапасын арттырып барыўдан ибарат. Бундай система көплеген мәмлекетлерде ғалаба ен жайған ҳәм коммуналлық төлемлердиң заманагөй және тәсиршең түрлеринен бири болып есапланады. Елимизде жаңа система енгизилиўден алдын сырт ел тәжирийбеси үйренилди. Мәселен, көп мәмлекетлерде шығынды хызметлеринде анық өлшеў бирлигиниң жоқлығы себепли төлемлер пуқаралар санына қарата есапланады ҳәм абонентлер сыпатында жүргизиледи. Айырым мәмлекетлерде болса шығынды төлемлери жер салығына, айырымларында суў ямаса тәбийғый газ төлемлерине жалғанған. Үйрениўлерден соң Өзбекстан ушын ең оптимал шешим сыпатында электр энергиясына интеграциялаў тәртиби таңланды. Себеби, елимиздиң 96 проценттен аслам аймағы электр энергиясы менен қамтып алынған болып, бул басқа коммуналлық хызметлер арасында ең жоқары көрсеткиш есапланады.

***

Халықаралық әмелиятта және бир тәртип бар. Адамлар экологиялық қағыйдабузарлықлар ушын әдеўир жәрийма төлейди. Қәлеген жерге шығынды таслаў тек ғана экологиялық мәдениятсызлық емес, ал аўыр қағыйдабузарлық болып есапланады.

Ҳәзирги ўақытта елимиздиң барлық аймағында жәми 350 онлайн бақлаў камерасы орнатылған болып, олар ҳәр қыйлы экологиялық қағыйдабузарлықларды анықлайды, белгиленбеген орынларға шығынды таслаў солар қатарына киреди. Бундай тәртипсизлик ушын болса тийисли тәртипте илажлар да қолланылмақта.

Шығындыларды басқарыў ҳәм циркуляр экономиканы раўажландырыў агентлигиниң мағлыўматларына бола, өткен жыл даўамында онлайн бақлаў камералары арқалы елимиз бойынша 10 мың 199 қағыйдабузарлық анықланған. Соннан 2 421 и бойынша ҳәкимшилик жуўапкершилик қолланылып, жәрийма өндирилген. Қалған 7 778 қағыйдабузарлық бойынша да нызамшылықта белгиленген тәртипте шаралар белгиленип атыр.

Ирода ТАШМАТОВА,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы