Өзбекстан ҳәм Түркменстан тиккелей авиақатнаўларды тиклеўди режелестирмекте

    23 тамыз 2025 1102

    Өзбекстан ҳәм Түркменстан тиккелей авиақатнаўларды қайта жолға қойыў бойынша келисимге еристи.

    Бул ҳаққында транспорт министри Илҳом Маҳкамов "Өзбекстан 24" телеканалына берген интервьюинде мәлим етти.

    22-август күни Түркменстанның "Аваза" туристлик зонасында Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев, Түркменстан Халық мәсләҳәти баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов ҳәм Әзербайжан Президенти Илҳам Алиевтиң үш тәреплеме ушырасыўы болып өтти.

    Басшылардың қатнасыўында бир қатар ҳүжжетлерге, соның ишинде, Илҳом Маҳкамов ҳәм Türkmenhowaýollary (Turkmenistan Airlines) мәмлекетлик хызмети баслығы Довран Сабуров арасында пуқаралық авиация тараўында бирге ислесиўди раўажландырыў ҳаққындағы протоколға қол қойылды.

    Өзбекстан Транспорт министрлиги басшысының сөзлерине бола, бул ҳүжжет келешекте тиккелей ҳаўа қатнаўларын жолға қойыў ушын зәрүр шараят жаратады.

    "Ҳәзир Өзбекстаннан Түркменстанға тиккелей рейслер жоқ... Бүгин биз ҳүжжетке қол қойдық ҳәм жақын келешекте оларды мәмлекетлеримиз арасында иске қосыў имканияты пайда болады", - деди Маҳкамов.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates